Нуранийлар ҳәм жаслар ушырасыўы

142

Бозатаў районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде нуранийлар ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти. Илажда “Бозатаў” МПЖда жасайтуғын нураныйлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде мийнет етип атырған кексе әўлад ўәкиллери болған депутатлар ҳәм жаслар қатнасты.

Мәмлекетимизде соңғы жыллары кексе әўладты социаллық қоллап-қуўатлап, саламатландырыў, бос ўақытларын мазмунлы өткерип, жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң 2023-жыл 11-марттағы “Кекселерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, олардың социаллық белсендилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм кексе әўлад ўәкиллериниң бай турмыслық тәжирийбесинен ақылға уғрас  пайдаланыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Қарардың орынланыўы бойынша Бозатаў районында да «Бир нураний он жасқа жуўапкер» принципине муўапық жаслар ҳәр бир мәҳәлледеги турмыслық тәжирийбеге ийе, заманагөй пикирлейтуғын белсенди нураныйларға, сондай-ақ, машқалалы шаңарақлардың ҳәр бирине “Кекселер мәсләҳәти” топарларының бир ағзасы бириктирилген. Бул жумыслар профилактикалық есапта турған жасларды саламат турмысқа қайтарыў, жәнжелли шаңарақларды жарастырыў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыўда өз нәтийжесин бермекте.

Ушырасыўда ӨзЛиДеП тиң районлық аппараты баслығы Бегдияр Қутлымуратов сөзге шығып, жасларды мәҳәлледеги турмыслық тәжирийбеге ийе болған, заманагөй пикирлейтуғын белсенди нураныйларға бириктириў арқалы оларды Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Илажда нуранийлар ҳәм жаслар  жақыннан сәўбетлесип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги