Нөкис районында шаңарақлық шыпакерлик пункти пайдаланыўға тапсырылды

Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Дийқан арна шаңарақ шыпакерлик пунктының ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға район ҳәкими З.Зайтов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, район прокуроры П.Халмуратов, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў бойынша қәнигеси Г.Жапақова, медицина хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ашылыў салтанатында район ҳәкими З.Зайтов ҳәм басқалар сөзге шығып, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.
Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басшылығында көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм басланғыш медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түпкиликли жетилистириў жаңа басқышқа көтерилип атыр.

Шыпакерлик пункт күнине 50 наўқасты кабыллаў мүмкиншилигине ийе болып, имаратта лаборатория, шаншыў ҳәм емлеў ханасы, афтоклав ханалары пуқаралар ушын хызмет етеди. Илаж даўамында, мийманлар имараттың ишки имканиятлары менен танысып, қолайлықларын жоқары баҳалады.
Бул имарат ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар тийкарында 3млрд.40 млн сумлық қаржы ажыратылып, қурып питкерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги