Трамп Россияға қарсы жаңа санкциялар ҳаққында айтты

АҚШ президенти Дональд Трамп Россияға қарсы жаңа санкциялар енгизиў перспективалары ҳаққындағы сораўға жуўап берип, Украина әтирапында келисим бойынша “әҳмийетли” сөйлесиўлер алып барылып атырғанын айтты.
– Биз оған жақынласып атырмыз ҳәм ҳәзирги ўақытта бул бойынша қатаң сөйлесиўлер алып барылмақта, – деди ол.
Алдынырақ, Трамп Украина келисиминен қанаатланбаса, жума күни жаңа шеклеўлер бойынша қарар қабыл етиўи мүмкин екенин айтқан еди.
Оның сөзлерине бола, ҳәзирги “салмақлы сөйлесиўлер” келиспеўшиликти сапластырыў менен байланыслы.
Хабарда айтылыўынша, Қурама Штатлар жетекшиси өзиниң арнаўлы ўәкили Стив Уиткоффтың Москваға сапарын жетискенлик деп есапламайтуғынын айтқан.
– Дурыс, Украинада АҚШ әскерлери жоқ, бирақ мен қарама-қарсылықты тоқтатыў миннетлемесин сезип атырман, – деген Ақ үй басшысы.
Өз гезегинде, АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио “Fox News”телеканалына интервью берип, президент Трамп тез арада РФға қарсы санкциялар ҳаққында қарар қабыл ететуғынын мәлим етти.
Оның атап өтиўинше, Стив Уиткофтың Москваға сапарынан соң, Қурама Штатлар Украинадағы келиспеўшиликти сапластырыўға бурынғыдан да жақынырақ.
С.Раҳимов, ӨзА