Шарўашылықта жаңа нызам: бир мәртелик идентификация бийпул болады

119

Мәмлекетимизге ҳайўанлардың жуқпалы кеселликлериниң кирип келиўиниң алдын алыў, ветеринар тынышлықты тәмийинлеўде ҳуқықый тийкар болып хызмет етиўге қаратылған нызам қабыл етилди. Соның менен бирге, жаңа ҳүжжетте ҳайўан ийелерине де бир қатар имканиятлар пайда болатуғыны сәўлелендирилген.

Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 6-августта “Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў ҳаққында”ғы нызамы қабыл етилди.

Бәринен бурын соны атап өтиў керек, бул нызам менен ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў тараўындағы қатнасықлар тәртипке салынады.

Яғный, бул нызам тийкарында ҳайўанларды идентификациялаў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясат жүргизиледи. Шарўа маллары ҳәм ҳайўан ийелериниң бирден-бир реестрин жаратыў ҳәм олардың есабын жүргизетуғын электрон мәлимлеме системасы енгизиледи.

Айтайық, ҳайўанға тийисли ийелик ҳуқықына даўа етиў имканияты пайда болады. Ҳайўанның ҳақыйқый ийесин идентификациялаў арқалы анықлаўға жәрдем береди. Ҳайўан ийелерине өткерилген диагностикалық тексериў нәтийжелери ҳәм емлеў жумыслары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.

Бар шарўа малларының бас саны ҳаққында бирден-бир электрон мағлыўматлар базасы жаратылады.

Шарўа малларының оғада қәўипли жуқпалы кеселликлерине мәмлекет тәрепинен бийпул толық профилактикалық шаншыўға ерисиледи. Нәтийжеде ҳайўанлар арасындағы эпидемиялық қәўиптиң алды алынады. Идентификацияланған ҳайўанлардан алынатуғын өнимлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги тәмийинленип, ишки ҳәм сыртқы базарларда сатылыўы кепилленеди.

Кеселликлер ҳәм түрли себеплер менен набыт болған (ҳарам өлген) ҳайўанлар гөшин жасырын сатыў нызам менен қадаған етиледи ҳәм пайдаланыўға жарамсыз шарўашылық өнимлериниң саўдасына шек қойылады.

Ҳәр бир бас қара мал ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир электрон базаға киргизиледи ҳәм тири қара маллар саўдасы мәнзилли әмелге асырылады. Шарўа малларының сақланыўы ҳәм миграциясы тәртипке салынады ҳәм турақлы мониторинг етиў системасы жаратылады. Ең әҳмийетли тәрепи сонда, идентификациялаўдан ҳайўан ийелерине артықша жүк түспейди. Яғный, бир мәртелик бийпул толық идентификациялап бериледи.

Шаңарақ ийелери шарўа маллары туўылғанда, сатылғанда ямаса сойылғанда смартфон телефоны арқалы ямаса аўызша мүрәжаты менен дизимге алынады ҳәм дизимнен шығарылады. Онда ҳеш қандай қаржы талап етилмейди.

Бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслерин жеделлестиреди.

И.Аввалбоев, ӨзА