«Ақтерек» ли жаслар ажыратылған жерлерде мол зүрәәт жетистирмекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-апрелдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде Нөкис районында бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы қарарға тийкарланып, Нөкис районы «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйынындағы жумыссыз, бирақ дийқаншылыққа қызығыўшылығы ҳәм ислеў тилегинде болған жасларға ашық-айдын аукцион арқалы 1 гектарға шекемги жер майданлары ажыратып берилди. Бул арқалы тек ғана жаслардың турақлы бәнтлиги тәмийинленип қоймастан, ал олардың өз мийнети менен дәрамат табыўына да кең имканият жаратылды.
Ҳәзирги ўақытта, ажыратылған жерлерде қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлери жетистирилмекте. Өнимдарлығы жоқары, базар талабына сай, экологиялық таза өнимлер ишки базарда да, экспорт бағдарларында да талапқа ийе болып есапланады.
-Президентимиз қарары менен бизиң мәҳәллемиздеги жумыссыз 56 жасқа жер ажыратылып берилди. Усы жаслардың 30 ы жерлерине палыз егинлерин егип атырған болса, 26 сы дәнли егинлерди егип жетистирмекте. Ҳәзирги күнде жасларымыз ислеген мийнетлерине сай дәрамат таўып, шаңарағына қосымша дәрамат киригизип ҳәм халқымызға мазалы, сапалы палыз өнимлерин жеткерип келмекте,-дейди «Ақтерек» МПЖ жаслар жетекшиси Қоблан Сарсенбаев.
Мәҳәлле жасларының бири Руслан Қәдирбергенов өзи, иниси ҳәм келиншегиниң атына 3 гектар жер алып, еки жылдан берли қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да палыз егинлерин егип жетистирип келмекте.

-Өткен жылы егинлеримиз оншелли мол дақыл бермеди. Келеси жылға жерди жақсылап таярлап, быйыл сол мийнетлеримиздиң жемисин көрмектемиз. Ҳәзирги ўақытта мазалы гүрбек қаўынларды жыйнап, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларына сатып атырмыз. Ҳәзирги ўақытта он жастың бәнтлигин тәмийинлеўге еристим. Биз жасларға усындай имканиятларды жаратып берип атырған Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз. Жумыссыз жасларға айтарым, елимизде жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, мийнет етиўден қашпаса, жақсы табысларға ериседи,-дейди Р.Қәдирбергенов.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги