«Гашиш»ти ишки кийимлерине жасырып өтпекши болды

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен МҚХ, ИИМ хызметкерлери менен биргеликте алынған мағлыўматлар тийкарында Нөкис қаласындағы жол патруль хызмети орнында оператив илаж өткерилди.
“Ташкент-Нөкис” жөнелисинде ҳәрекетленип киятырған жеңил автотранспорт қуралы тоқтатылып, усы автотранспорттағы жолаўшы ҳәм оған тийисли болған сумкалар гүўалардың қатнасыўында көзден өткерилгенде, пуқараның үстиндеги ишки кийимлерине жасырын түрде жасырылған 2 дана мөлдир полиэтилен пакетлерде өткир ийисли, тоқ қоңыр реңдеги, орамы менен салмағы 58,12 грамм болған “гашиш” нәшебентлик заты бар екенлиги анықланды.

Оператив илаж даўам еттирилип, бул пуқараның Нөкис қаласы аймағындағы жасаў үйи көзден өткерилгенде, оның үйинде 3,58 грамм “марихуанна”, 1 грамм «опий», 8 грамм “каннабис” нәшебентлик өсимлигиниң туқымлары, 1 грамм “гашиш” нәшебентлик қураллары ҳәм 1 дана нәшебентлик қуралларын өлшеўде пайдаланылған электрон тәрези бар екенлиги анықланып, айғақлы дәлил ретинде ўақтынша сақлаўға алынды.
Бул жағдай бойынша Бажыхана басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылды.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, быйылғы жылдың басынан берли Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен 665 грамм нәшебентлик қуралларының мәмлекетимиз шегаралары арқалы ҳәрекетлениўи ҳәм ишки аймақта айланыста болыўының алды алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги