Транспорт логистика инфраструктурасын жетилистириў турақлы раўажланыўдың тийкары

Дүньяда жүз берип атырған интеграциялық процесслер мәмлекетлер ортасында өз-ара экономикалық байланыслардың күшейиўине мүмкиншилик жаратып атыр. Бул процесслерден Өзбекстанда шетте қалмастан оның белсенди қатнасыўшысына айланды. Мәлим болғанындай, әййемнен Орайлық Азия регионы Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқаны себепли Батыс ҳәм Шығысты байланыстырыўшы айрықша көпир ўазыйпасын атқарған. Бунда кәрўан жолларының әҳмийети де күтә үлкен болған. Арал теңизи әтирапында жасаўшы халықлар турмысы болса суў транспорты менен байланыслы екенлигинатап өтиўимиз орынлы. Өзбекстан Республикасының Президенти 5-август күни Түркменстанның пайтахты Ашхабад қаласында БМШнинг Теңизге шығыў мүмкиншилиги болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасып кең түрде баянат жасады. Конференция шеңберинде Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш менен ушырасыўы болып өтти. Бүгинги күнде мәмлекетимизде БМШниң 160 қа жақын қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарлар табыслы түрде әмелге асырылмақта.
Соңғы бир неше жылда Өзбекстан басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.
Тарийхый изертлеўлерде Суў жоллары түсиниги ҳаққында сөз барғанда – жүк ҳәм жолаўшыларды тасыў ушын пайдаланылатуғын суў бассейнлери ҳәм дәрьялар түсиниледи. Суў бассейнлерине болса океанлар, теңизлер, көллер, суў сақлағышлар, дәрьялар, олардың тармақлары ҳәм қазылған каналлар киреди. Суў жоллары әдетте сыртқы – океан, теңиз ҳәм ишки-дәрья, көлге бөлинеди. Ишки суў жоллары да өз гезегинде, тәбийий ҳәм жасалма болып бөлинеди.
Өзбекстан Республикасы өзиниң географиялық жайласыўы бойынша теңиз жолына ткиккелей шыға алмайтуғын дүньядағы 45 мәмлекет қатарында турады. Суў жолларына тиккелей шыға алмаўы Өзбекстанның экономикалық -сыртқы саўда мүмкиншиликлерин мәлим дәрежеде шеклейди. Сол мақсетте мәмлекетимиз теңиз портларына шығыў ушын Шанхай Бирге ислесиў шөлкеми(ШБШ) мәканында транспорт-логистика бойынша өз-ара байланысларды күшейтиўге айрықша итибар қаратып келмекте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қоллап-қуўатлаўында Ташкент қаласында Регионлараралық өз-ара бирге ислесиў орайы жумыс алып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтиң тиккелей басламасы ҳәм қоллап қуўатлаўы менен “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темиржолы қурылысы амелге асырылмақта. Сондай-ақ стратегиялық жақтан жане бир әҳмийетли “Термиз – Мазари -Шариф – Қабул – Пешовар” темиржолы қурылысын әмелге асырыў жойбарлары корип шығылмақта.
Суў транспорты дүқньядағы ең арзан транспорт түри есапланады. Сонлықтанда дүньядағы халық-аралық жүклердиң дерлик 90 проценттен асламы суў транспорты үлесине туўра келеди.
Жәҳән банки мағлыўматларына көре, транспорт қәрежетлериниң үлкенлиги ҳәм транзит системасының турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң еки процентине шекем жойтып атыр. Логистика қәрежетлери өсип бармақта. Сонлықтанда исенимли жаңа транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың зәрүрли факторына айланбақта.
Ҳәзирги ўақытта регионымызда бирден-бир транспорт -логистика мәканы қәлиплесип атыр. Бунда Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық мәнистеги транзит хабына айландырыў ушын бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан шериклери менен бирге Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темиржолын қурыўға киристи. Өзбекстан – Түркменистан – Иран – Түркия транспорт логистикасы сезилерли дәрежеде өсти.
Өзбекстан өз гезегинде Өзбекстан-Аўғаныстан-Пакистан темир жолын қурыў жойбарын таярлаў ҳәм оны әмелге асырыўдан мәпдар. Бул перспективалы коридорды қурылып атырған Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темиржолы магистралы менен байланыстырыў айрықша регионның экономикалық өсиўине кең имканиятлар жаратады.
Өзбекстан Республикасы Орайлық Азия мәмлекетлери менен биргеликте транзит транспорт коридорын жаратыўды гөзлеп атыр, бул болса оларға теңиз портларына шығыў ҳәм әййемги Уллы Жипек жолын қайта қайта тиклеў имканиятын береди. Бул мақсетте Орайлық Азия мәмлекетлери, Экономикалық шериклик шөлкеминиң басқа мәмлекетлери менен ҳүкиметлераралық шартнамаға қол қойылды ҳәм Тажан-Серахс-Машҳад темир жол линиясының қурылысы әмелге асырылып атыр, Пекин ҳәм Стамбулды бирлестиретуғын бул линия Трансазия магистралының бир бөлеги есапланады. Усы транспорт коридоры арқалы ҳәрекеттиң басланыўы, Тыныш океанының Азия бөлегиндеги мәмлекетлер ҳәм батысқа — Түркия ҳәм Европаға шығыў жүк тасыўды дерлик еки есе қысқартырады.
Саламат Сулайманов,
ҚМУ профессоры.
Қарақалпақстан хабар агентлиги