Бетонлаў жумысларына арнаўлы техникалар тартылмақта

146

Алдын хабар бергенимиздей, ишки каналларды бетонлаў жумыслары алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта барлық районда бетон араластырыўшы техника ҳәм үскенелерден пайдаланыў имканияты жаратылды,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

Усы жылдың басынан районлардағы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде арнаўлы техникаларды сатып алыў жумыслары басланған еди. Бул бағдардағы сатып алыў шәртнамалары тийкарында соңғы “Karmix” бетон араластырыўшы арнаўлы техникасы Шымбай районына жеткерилди.

Усы тәризде Қарақалпақстанның барлық районларындағы суў хожалығы шөлкемлери жаңа “Karmix” техникалары менен тәмийинленди. Енди, олар өзлериниң есабындағы каналларды бетонлаўда усы техникалардан пайдаланып, жумыслары жеделлеспекте.


Ҳәзирги күнде бул жаңа техникадан Шымбай районындағы “Шоқарық” ишки каналын бетонластырыўда нәтийжели пайдаланылмақта. Бетон араластырыўшы техника онлаған жумысшы күшин үнемлеўге ҳәм жумыс өнимдарлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги