Өзбекстанға топырақ ҳәм суўдың сапасын терең баҳалаў имканиятын беретуғын заманагөй технология тапсырылды

174

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты – Миллий изертлеў университетине заманагөй EM38-MK2 Ground Conductivity Meter – топырақтың өткизгишлигин өлшеў қурылмасын усынды.

Бул алдынғы технология экологиялық машқалаларға дус келген аймақларда топырақ ҳәм суўдың сапасын терең баҳалаў имканиятын береди. Илаж ФАО ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Аралбойы регионындағы экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылды.

– Бул үскене топырақтың электр өткизгишлиги, магнит сезгирлигин анық ҳәм тез өлшеў имканиятын беретуғын заманагөй қурал болып, ол суўғарыўды илимий тийкарда режелестириў, жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм экологиялық тиклеў илажларын белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе болады, – деди жойбардың миллий координаторы Абдумалик Намозов.

ФАО ҳәм Миллий изертлеў университети арасындағы бирге ислесиў илимий изертлеў ҳәм атызда бақлаўларды күшейтиўге хызмет етеди. Усынылған технология, сондай-ақ, шорланыў, ығаллық дәрежеси ҳәм жер асты структуралары ҳаққында тез ҳәм исенимли мағлыўматлар алыў имканиятын да береди.

Қурылма аўыл хожалығы жерлерин таллаў, улыўма топырақтаныў ҳәм басқа да илимий излениўлерде кеңнен қолланылыўы мүмкин. Алынған нәтийжелер арқалы шорланыў, ығаллық муғдары ҳәм жер асты геологиялық структуралары анықланады. Бул болса әсиресе, Аралбойы регионында топырақ ҳәм суў ресурсларын ҳәр тәреплеме баҳалаўда әҳмийетли рол атқарады.

ФАОның мәмлекетимиздеги ўәкилханасының ӨзАға хабар бергениндей, EM38-MK2 сыяқлы заманагөй диагностика қуралларының енгизилиўи Өзбекстанның экологиялық машқалаларға дус келип атырған аймақларында турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған, мағлыўматларға тийкарланған шешимлерге қарай әҳмийетли қәдем болып есапланады.

ӨзА