Исбилерменлерге кең имканият жаратылмақта

Санаат тараўындағы избе-из раўажланыў, исбилерменлик орталығының жақсыланыўы менен елимизде жаңа өндирис кәрханаларын қурыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бул процесс тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеп қоймастан, ал халықтың бәнтлигин арттырыўға да хызмет етпекте.
Төрткүл районы “Оқбошли” аўылы аймағында тырнақ тасы қойылған жаңа пахтаны қайта ислеў заводы да усы мақсетте әмелге асырылып атырған жойбарлардан бири болып есапланады. Бул кәрхана “Usta Meretdurdi” ЖШЖ басшысы И.Байназаровтың басламасы менен қурылып атыр. Бул жойбардың улыўма баҳасы 8 миллиард сумды қурайды,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-10-санлы қарарына муўапық, исбилерменге 1,5 гектар жер майданы ажыратылып, 4 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит те берилди. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары белгиленген реже тийкарында жедел пәтлерде алып барылмақта.
Завод қурылысының барысы район ҳәкими ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң басшылары тәрепинен орнында үйренилип, объектте әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Завод толық иске қосылғаннан соң, жылына 500 тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлылығына ийе болады. Сондай-ақ, район орайынан узақта жайласқан аймақта 20 дан аслам жергиликли халық турақлы жумыс орнына ийе болады.

Бул баслама – елимизде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жумыссызлықты азайтыў ҳәм аўыллық жерлерде санаат потенциалын арттырыў бағдарындағы әмелий қәдемлерден бири болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги