Японияда жазғы ыссыда автомобильди салқын сақлаўшы технология сынақтан өткерилмекте

Японияның Ниссан компаниясы автомобиль кузовын ыссы қуяшта қызып кетиўден қорғай алатуғын ҳәм салонды салқын сақлай алатуғын салқынлатыўшы бояў үстинде ислемекте. Жаз күнлери күни менен қуяш астында турған автомобильге отырыў қолайсызлығы дерлик ҳәр бир айдаўшыға таныс. Бул машқаланы шешиў ушын Nissan жаңа технологиялық қатнас усыныс етпекте.
Әпиўайы автомобиль бояўлары әдетте резина тийкарында ислеп шигарылады. Қуяш нурлары тәсиринде бул материалдағы молекулалар тербеле баслайды ҳәм нәтийжеде жыллылық пайда болып, автомобильдиң ишки температурасы кескин артады. Мысалы, Аризона штаты университети ҳәм Сан-Диего медицина мектебиниң изертлеўлерине бола, жаз айларында автомобиль салонындағы температура 70 градусқа шекем көтерилиўи мүмкин.
Nissanның жаңа суўытыўшы бояў технологиясында болса еки түрли микроструктуралы метаматериал қолланылған:
Бириншиси қуяш спектриндеги жақын инфрақызыл нурларды сәўлелендиреди, бул болса автомобильдиң бетине түсетуғын жыллылық муғдарын азайтады.
Екиншиси болса жыллылықты электромагнит толқынлар көринисинде атмосферадан сыртқа шығарады, бул болса ишки температураның көтерилиўиниң алдын алады.
Технологияның абзаллықлары:
Кондиционерден пайдаланыў зәрүрлиги азаяды;
Двигатель яки электр двигатель жүклемеси жеңиллеседи;
Электромобильлер ушын әҳмийетли болған батарея жумсалыўы қысқарады;
Жанылғы нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта бул суўытқыш бояўдың ақ реңли версиясы сынақтан өткерилмекте. Келешекте оны басқа реңлерде де ислеп шығыў режелестирилмекте.
Бул технология тек ғана айдаўшылар ушын қолайлық жаратып қоймастан, ал экологиялық ҳәм энергияны үнемлеў көзқарасынан да үлкен әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.
ӨзА