Өзбекстан ҳәм БМШ өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырады

4178

БМШтың теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыўы болып өтти.

Глобал ҳәм регионаллық раўажланыўдың әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, БМШ Бас Ассамблеясының болажақ 80-юбилей сессиясын өткериў мәселелери көрип шығылды.

Усы мәниде, Өзбекстан жетекшиси Бас хаткердиң халықаралық тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, БМШ ҳәм оның тийкарғы институтларын заманагөй реаллыққа бейимлестириў мақсетинде реформалаў бағдарындағы басламаларын исенимли қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан менен БМШ арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, Антониу Гутерриштиң өткен жылы июль айындағы мәмлекетимизге сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Бүгинги күнде 160 биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбар табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги бир неше жылда Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.

Усы жылы Шөлкемниң тийкарғы структуралары ҳәм институтлары, соның ишинде, БМШ-Хабитат ҳәм ЮНИСЕФ басшылары Өзбекстанға келди, Ташкентте “БМШ-Ҳаял-қызлар” структурасының ўәкилханасы ашылды.

Мәмлекетлик хызмет мәселелери бойынша форум биргеликте өткерилди. Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына қызғын таярлық көрилмекте.

Мәмлекетимиз Глобал турақлы раўажланыў мақсетлери индекси бойынша ең алдынғы бес мәмлекет қатарына кирди. ТРМға ерисиў көзқарасынан БМШ пенен бирге ислесиў бойынша жаңа бес жыллық бағдарламаға қол қойылыўы күтилмекте.

Орайлық Азияда интеграцияны тереңлестириў, Аўғанстанды регионаллық бирге ислесиў процесслерине тартыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА