Нөкисли исбилерменлер

279

Фоторепортаж

Қарақалпақстан Республикасының Нөкис районы тийкарынан палыз егинлери ҳәм мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен болып, бүгинги күнде 59 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданы ажыратып берилген. Мийўе жетистириў ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў мақсетинде 118 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы тәрепинен 432 гектар майданда бағ және 15 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасында 28 гектар жүзим плантациясы жаратылған.

Районның Тақыркөл аўылында жасаўшы Амангүл Алламбергенова 2005-жылы шаңарақлық исбилерменлик тийкарында “Диана Мардона” фермер хожалығын шөлкемлестирген. Хожалық қарамағындағы жердиң 10 гектары егислик майданы, 5 гектары зүрәәтли бағ, 2 гектары бийдай атыз, 3 гектары палызды қурайды. 3 гектар жерде пиллешилик пенен шуғылланыўшыларға жәрдем сыпатында тутзарлық жаратылған. Сондай-ақ, еки сотых жерде ерте егисликлер ушын ыссыхана шөлкемлестирилген. Бир гектар жерде жетистирилип атырған қаўын болса Қазақстан Республикасына экспорт етилмекте.

Исбилермен шаңарақ ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланып, атыз шетлерине де 1000 түп ақ терек ҳәм 500 түп қара тал еккен. Сондай-ақ, күтимде 30 қуты пал ҳәрреси де бар.

Хожалықта 15 адамға турақлы жумыс орны бар. Мәўсимде болса және 10-15 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

ӨзА