Тараў пидайылары мүнәсип хошаметленди

4-август – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы шөлкемлестирилген күн мүнәсибети менен Қоңырат районында жайласқан Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының әскерий бөлиминде салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Илажда Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының баслығы полковник М.Юсуповлар шығып сөйлеп, тараў ўәкиллерин усы қутлы сәне менен қутлықлады. Өзиниң қызғын қутлықлаўында Миллий гвардия хызметкерлериниң тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў бағдарындағы хызметлерин айрықша атап өтип, олардың машақатлы, бирақ мақтанышлы жумысларында табыслар, күш-ғайрат тиледи.

Атап өтилгениндей, бул сәне елимиздиң қәўипсизлиги, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў жолында пидәкерлик пенен хызмет етип атырған Миллий гвардия хызметкерлери ушын мақтанышлы күн болып есапланады.
Илаж даўамында өз кәсибине садықлық пенен қатнаста болып, үлгили хызмет етип атырған бир қатар тараў пидайылары көкирек белгиси, ҳүрмет жарлықлары, әскерий атақлар ҳәм баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.


Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасының тийисли буйрығы менен Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов “Самарали ҳамкорлик учун” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Байрам илажы мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги