Балаларды аўқатландырыў бақлаў кеңеслери тәрепинен қадағаланбақта

255

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Нөкис қаласындағы 27-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине алып барылып, ол жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырылып, шөлкем мысалында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў процесслери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде елимиздеги 6798 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 17,2 процентинде 83 исбилерменлик субъекти тәрепинен аутсорсинг усылында аўқатландырыў жолға қойылған. Қалған 5626 шөлкемде дәстүрий (сатып алыўшылар тәрепинен азық-аўқат жеткерип бериў арқалы) усылда аўқатландырыў әмелге асырылмақта.

Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 6-январьдағы тийисли қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыў шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны, дизими ҳәм басқа да тийисли мағлыўматлар таярланды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети менен биргеликте мәўсимлер кесиминде “Бирден-бир мәўсимлик меню” ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.

Онда мәмлекетлик МШБШларда “Бирден-бир мәўсимлик меню” тийкарында азық-аўқат қәрежетлериниң есабы (натурал түринде) “Балалар бақшасы” мәлимлеме системасында жаратылған модуллер арқалы жүргизиледи.

Соның менен бирге, бул есабат электрон ҳүкиметтиң уйымлар аралық мағлыўматлар узатыў тармағы арқалы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасына автомат түрде жибериледи.

Ҳәзирги ўақытта аймақлық ҳәкимликлер тәрепинен бир тәрбияланыўшы ушын быйылғы баҳалар қәлиплестирилди ҳәм бир күнлик саламат аўқатландырыў баҳалары тастыйықланды.

Сондай-ақ, Товар-шийки зат биржасының мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы арқалы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў бойынша исбилерменлик субъектлери ушын дағазалар жайластырылған.

Аутсорсинг усылында саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў процесслери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм ата-аналар және басқа да жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат Бақлаў кеңеслериниң ағзалары тәрепинен турақлы түрде бақлап барылады.

– Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемимизде ҳәзирги ўақытта 14 топарда 397 бала тәрбияланбақта.  Пән, спорт, жәмийетлик-мәдений бағдарлар бойынша жәми 5 дөгерек жумыс ислеп турыпты. Быйыл ҳәм алдынғы жылларда «басламалы бюджет» бойынша жойбарларымыз бенен жеңимпаз болып, шөлкемимизде көплеген жумыслар исленип қалынды. Футбол ҳәм волейбол майданшасы, атракционлар қурылып, балалардың ўақытларының мазмунлы өтиўи ушын бир қатар қолайлықлар жаратылды. Бул ушын басшыларымыздан миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди 27-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры Ж.Ерманова.

– Алдынғы еки балам ҳәзир мектепте. Ҳәзирги ўақытта кишкене қызым усы бақшада тәрбияланып атыр. Барлық балаларым да ўақтында бақшаларда тәрбияланды. Балалар бақшасының бала тәрбиясы ушын пайдалы тәреплери көп, оқыйды, сүўрет салады, қатарлары менен ойнайды, ой-өриси кеңейип барады. Бул бақшада балалар ушын барлық шараятлар жаратылғанынан ҳәм қызымның усы бақшада тәрбияланып атырғанынан қуўанышлыман,-дейди С.Буриева.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар бақшадағы шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги