Насос станцияларының нәтийжели ислеўин тәмийинлеў зәрүр

156

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдошев тәрепинен жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм бийкарға жумсалыўының алдын алыў, сондай-ақ, энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасында көрилип атырған илажлар үйренилди,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының Нөкис-Кегейли бөлимине қараслы “Көк-өзек” насос станциясында агрегатларды энергия үнемлеўши насосларға алмастырыў, сондай-ақ, станция жумысын қуяш панельлери арқалы электр энергиясы менен тәмийинлеў жолы арқалы үнемлиликке ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған шөлкемлестириў-техникалық илажлар менен танысты.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Т.Мадиреймов ҳәм Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығының орынбасары Н.Аралбаевлар насос агрегатларын энергияны үнемлейтуғынына алмастырыў, бундай кем қуўатлылықтағы насос агрегатларын қуяш панельлери жәрдеминде ислетиў арқалы ерисилетуғын нәтийжелилик бойынша презентациялар менен қатнасты.

Президентимиз тәрепинен 2025-жыл суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы”, деп белгиленгени атап өтилип, насос станцияларының нәтийжели ислеўин тәмийинлеў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, жуўапкерлер тәрепинен Кегейли районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси есабындағы хожалықлар аралық ҳәм ишки каналларды бетонластырыў жумыслары да көзден өткерилди. Атап айтқанда, Жүзим бағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Дәўлет насос” жабында бетонластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул суў тармағында бетонлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң 140 гектарға шамалас пахта майданлары ҳәм 122 шаңарақтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнаты жақсыланады. Суў шығынларын азайтыўға қаратылған бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша да тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги