Енди оқыўшылар дүньяның Топ-100 жоқары оқыў орынларына бийпул таярланады

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен “Президенттиң қәбилетли перзентлери” Миллий бағдарламасы турмысқа кеңнен енгизилмекте. Бул потенциаллы жаслардың әрманына қанат бағышламақта.
Бул Миллий бағдарлама не ҳәм оған кимлер қабыл етиледи?
Миллий бағдарлама елимиздиң улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған жасларды дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға таярлаўшы жойбар болып есапланып, ҳәр жылы 9-классты тамамлап, 10-классқа өткен жаслар сайлап алыў имтиханы арқалы қабыл етиледи. Сайлап алыў имтиханы математика ҳәм инглис тили пәнлеринен тест түринде алынады.
Бағдарламаға республика бойынша жәми 1 мың 500 оқыўшы қабыл етиледи ҳәм қабыл етилгенлерге менторлар бириктириледи.
Бул менторлар тәрепинен арнаўлы платформа арқалы сабақлар шөлкемлестириледи. Сабақларда сырт елдиң жетекши жоқары оқыў орынлары тәрепинен қойылатуғын талаплар ҳәм оқыўшылар бул талапларға қалай таяр болыўы түсиндириледи.
Сондай-ақ, Ренессанс дем алыў орайында Миллий бағдарлама ағзалары ушын ҳәр жылы офлайн ушырасыўлар ҳәм шеберлик сабақлары да өткериледи. Билимли жасларымыз ушын сырт елдиң абырайлы университетлерине билимлендириў сапарлары шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге, дүньяның Топ-100 рейтингиндеги жоқары оқыў орынларына 50 процент грант тийкарында қабыл етилген бағдарлама қатнасыўшыларының оқыў қәрежетлери квота шеңберинде қаплап бериледи.
Ең қуўанышлысы, сырт елде оқыйтуғын жаслар бирден-бир жәмийетшиликке бирлестирилип, елимиз бенен турақлы байланыслары ҳәм қайтып келгеннен кейин жумыс пенен тәмийинлеў де жолға қойылады.
Бул жойбарға Президент мектеплери ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы мектеп оқыўшылары қабыл етилмейтуғынын атап өтиў керек.
Миллий бағдарламаға усы жыл ушын 27 мың 789 арза келип түскен болып, бул талабанлардан 10-август күни республикамыздың 13 аймағында сайлап алыў имтиханы өткериледи.
Н.Усмонова, ӨзА