Ташкент қаласында “103” бригадаларын онлайн бақлап турыў мүмкин

130

Республикалық тез медициналық жәрдем орайы тәрепинен биринши мәрте “103” бригадаларының ҳәрекетин реал ўақыт режиминде онлайн бақлап барыў жолға қойылды.

Бул тәжирийбе-сынақ жойбарына бола, енди пайтахт халқы тез медициналық жәрдем бригадаларының қай жерде екенлиги ҳәм қанша ўақытта шақырыў мәнзилине жетип барыўын онлайн бақлап барыўы мүмкин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жаңа жойбар “Yandex Uzbekistan” компаниясының технологиялық шешими тийкарында әмелге асырылып, “103” бригадасының ҳәрекетлери браузерде электрон карта арқалы, жақын келешекте болса “Яндех Го” мобил қосымшасы жәрдеминде бақлап барылады. Оған бола, “Тез жәрдем”ге мүрәжат етилгеннен соң, система автомат тәризде бригаданың ҳәрекети реал ўақыт режиминде көрсетилетуғын электрон картаға силтеме арқалы СМС-хабар жибереди.

Жойбардың кейинги басқышында пайдаланыўшылар “Yandex Go” мобиль қосымшасынан бригаданың жайласыўы ҳәм оның шама менен келиў ўақты ҳаққында push-билдириў арқалы хабардар болады. Қалаберди, бул мағлыўматты тиккелей қосымша арқалы да алыў мүмкин.

Республикалық тез медициналық жәрдем орайының директоры Абдувоитжон Гафуровтың сөзлерине бола, бул жаңалық, бәринен бурын, тез медициналық жәрдем системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм диспетчерлердиң жумыс жүклемесин азайтыўға хызмет етеди. Ҳәзирде бул шешим Ташкент қаласында қыстаўлы шақырыўлар ушын әмел етеди.

М.Қосимова таярлады, ӨзА