Ақтубаның бир көшесине асфальт жайылмақта

“Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл биринши мәўсиминде Кегейли районы Ақтуба АПЖ аймағындағы “Аяқшы аўыл” көшесин асфальтлаў жойбары ең көп даўыс жыйнап, жеңимпаз деп табылған еди.
Бул жойбар шеңберинде усы көшениң 2 километр 500 метр бөлегин асфальт қапламасы менен жаңалаў, халық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз транспорт ҳәрекетин тәмийинлеў мақсет етилген. Халық тәрепинен алға қойылған бул баслама орынлардағы инфраструктураны жақсылаў, социаллық-экономикалық шараятларды және де турақластырыўға хызмет етеди.
Ҳәзирги ўақытта жойбар тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик шөлкеми буйыртпасы тийкарында, “Дониёр авто сервис” ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта.

Бул жойбар тек ғана транспорт ҳәрекетин жеңиллестирип қоймастан, ал Ақтуба АПЖ турғынлары ушын күнделикли турмысты қолайластырады, абаданластырыўға тийкар жаратады ҳәм райондағы социаллық инфраструктураның раўажланыўына хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги