Жаслардың дем алыў орайындағы ўақыты пайдалы өтпекте

118

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң “Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў” бөлими тәрепинен “Жас исбилерменлер лигасы” жойбары шеңберинде Жасыл бағ МПЖда жайласқан жаслар дем алыў орайында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинар-тренингти шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – жас исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларда бизнес жүргизиўге болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм әмелий көнликпелер бериў болып табылады.

Семинарға “Жаслар – келешегимиз” қорының Қарақалпақстан Республикасы филиалы қәнигелери қатнасып, жасларға исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм раўажландырыўы бойынша әҳмийетли билим ҳәм мәсләҳәтлер берди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳәм грантлар, бизнес-реже дүзиў, финанслық саўатлылық сыяқлы әҳмийетли темаларда мағлыўматлар берилди.

– Бүгинги семинар мен ушын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, жаңа идеяларымды бизнеске айландырыўға жол картасы болды. Келешекте жоқары оқыў орнында оқып атырған қәнигелигим менен бирге өзимниң киши бизнесимди баслаў нийетим де пайда болды. Буның ушын семинар шөлкемлестириўшилерине миннетдарман,-дейди семинар қатнасыўшысы Албина Амангелдиева.

Илаж даўамында жас исбилерменлерге байланыслы нызам жойбарлары додаланып, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги