Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар статистикасы

Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў барысында заманагөй, сапалы жантасыў ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ инвестициялық процессти жеделлестириў, улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте. Инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, керекли шараятлардың жаратылғаны нәтийжесинде 2025-жылдыӊ январь-июнь айлары жуўмағы менен Республиканыӊ тийкарғы капиталын көбейтиўге 10 триллион 265,4 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 7 триллион 47,8 млрд. сумды ямаса 545,4 млн. АҚШ долларын қурады.
– Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 3671,8 млрд. сумы таў-кән санаатына, 1360,5 млрд. сумы электр, газ бенен тәмийинлеўге, 1169,2 млрд. сумы қайта ислеў санаатына, 805,1 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаў хызмет түрине, 442,5 млрд. сумы аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы хызмет түрлерине жумсалған,-дейди Статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы С.Мухаматдинов.
2025-жылдың январь-июнь айларында улыўма майданы 458,6 мыӊ кв.м. болған 2474 турақ жай питкерип тапсырылды. Соннан 202,6 мың кв.м. болған 1165 турақ жайлар аўыллық жерлерге туўра келеди.
Мәмлекетимизде халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы актив инвестициялық сиясатты алып барыў бойыншап илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги