АҚШ ҳәм Қубла Корея жаңа саўда шәртнамасына қол қойды

Тәреплер Сеулдиң Америка жойбарларына 350 миллиард доллар инвестиция киргизиў ҳәм энергия ресурсларын сатып алыў миннетлемесин бериўши келисимге қол қойды, деп жазбақта “РИА Новости” басылымы.
Буннан тысқары, Сеул өз базарын Америка товарлары, соның ишинде, автомобиль үскенелери ҳәм аўыл хожалығы өнимлери ушын толық ашады.
Ҳүжжетте АҚШтың Қубла Кореядан келетуғын товарларға 15 процентлик бажы енгизиўи де көрсетилген. Айырым бәнтлерге бола, америкалы жеткерип бериўшилерге тарифсиз пайдаланыў имканияты бериледи.
Қубла Корея президенти Ли Чже Мён бул келисимди унамлы баҳалап, ол еки тәреп ушын да пайдалы болатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, корейс жетекшисиниң еки ҳәпте ишинде Ақ үйге келиўи де келисип алынған.
С.Раҳимов, ӨзА