Муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилиги және де арттырылады

168

Сенат жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўға ҳәм өнимлерди өз ықтыяры менен шақырып алған исбилерменлерге жеңиллик бериўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Сенаторлар тәрепинен соңғы жыллары мәмлекетимизде муўапықлықты баҳалаў процесслерине заманагөй усылларды енгизиў арқалы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў және олардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Сенат ағзалары муўапықлықты баҳалаў қағыйдаларын бузғаны ушын тәсир илажларын күшейтиў, техникалық регламентлердиң талапларына жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған исбилерменлерге жеңиллик бериў механизмлерин қәлиплестириў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Нызам менен Пуқаралық кодекси, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы, “Стандартластырыў ҳаққында”ғы ҳәм “Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында”ғы нызамларға муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға және техникалық регламентлер ҳәм қолланылыўы мәжбүрий болған стандартларға жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған исбилерменликти хошаметлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам келешекте муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын және де исенимли қорғаўға хызмет етеди. Тийисли талапларға жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған юридикалық тәреплерди финанслық санкциялардан азат етиў арқалы сапасыз ҳәм қәўипли өнимлердиң реализациясы және тутыныўын шеклеўди тәмийинлейди.

Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы