Дамасқ Москва менен байланысларды және де беккемлеў нийетинде

185

Сирия сыртқы ислер министри Асад Ал-Шибаний Москваға сапары ўақтында Дамаск Россия менен тығыз бирге ислесиўди даўам еттиретуғынын атап өтти. Бул Башар Ал-Асад ҳәкимияттан аўдарылғаннан соң, жаңа ҳүкимет ағзасының РФға дәслепки сапары болды.

Кремльге келген Ал-Шибаний президент Владимир Путин менен ушырасып, Россияны “өтиў дәўириндеги әдиллик” процесинде Дамаскты қоллап-қуўатлаўға шақырды.

РФ сыртқы ислер министри Сергей Лавров Сирия халқына “турақлылықты тиклеў ҳәм барлық машқалаларды жеңип өтиўде” жәрдем бериўге таяр екенин билдирди. Соның менен бирге, жаңа ҳүкиметтиң Россия пуқаралары ҳәм объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрген илажларын жоқары баҳалады.

Сөйлесиў даўамында Ал-Шибаний Израильдың Сирияның ишки ислерине араласыўын сынға алып, бул “ишки келисимге ерисиў процесин қыйынластырады” деди.

Бизге белгили, РФ Сирия жағаларында ҳаўа ҳәм теңиз базаларын сақлап қалмақта ҳәм Дамасққа нефть жеткерип бериўди даўам еттирмекте. Сөйлесиўлерде еки мәмлекет қорғаныў министрлери де қатнасып, әскерий бирге ислесиў ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды додалады.

Муслим Зиё, ӨзА