Британияда жаңа нызам: Украина ҳәм Ғаза ҳаққындағы постлар блокланбақта

154

BBC“диң мағлыўматларына бола, Уллы Британияда жаңадан күшке кирген киберқәўипсизлик ҳаққындағы нызам себепли мәмлекетте социаллық тармақлар, соның ишинде, “Х” (бурынғы Twitter) ҳәм “Reddit” Украина ҳәм Ғаза ҳаққындағы контентти шеклеўди баслады.

Қызығы сонда, бул ҳүжжеттиң әмел етилиўи процесинде жәмийетшилик ушын әҳмийетли болған контентлердиң блокланып атырғаны сынға алынбақта. Мәселен, Киевтеги дрон ҳүжимин көрсететуғын видео ямаса Ғазадағы бүлгиншиликлер арасынан шаңарақ ағзаларын излеп атырған еркек ҳаққындағы постлар ҳәттеки зорлық көринислери болмаған жағдайда да шекленген.

Қәнигелер мәлимлеме компаниялары нызамды ҳәдден тыс қолланып, сиясий тартысларды да “қәўипли контент” сыпатында блоклаўы мүмкин екенинен ескертпекте. Оксфорд университетиниң профессоры Сандра Вахтер буны “жәмийетшилик мәпиндеги фактлерди бастырыў қәўпи” деп атады.

“Х” ийеси Илон Маск та бул жағдайды кескин сынға алып, “халықты буўыў ушын мөлшерленген” деп баҳалаған. “Reddit” ҳәм басқа да платформалардың администрациялары пәрманды дурыс орынлаў механизмлерин ислеп шығыўға ўақыт керек екенлигин билдирди.

Жаңа жойбар айырым зыянлы материалларды шеклеўде нәтийжели болғаны көрсетилмекте, бирақ экспертлер сиясий ҳәм социаллық мазмундағы постларды дурыс баҳалаў және де қыйынласып атырғанын атап өтпекте.

Муслим Зиё, ӨзА