Ажырасыў ўақтында қайсы жағдайларда ерли-зайыплылардың улыўма мүлки тең бөлинбеўи мүмкин?

239

Ҳуқықый қатнас

Ерли-зайыплының улыўма мүлкин бөлиў олар некеде болған дәўирде, некеден ажырасқаннан кейин, сондай-ақ кредитор ерли-зайыплылардан бириниң улыўма мүлктеги үлесине өндириўди қаратыў ушын улыўма мүлкти бөлиў талабы менен мүрәжат еткен жағдайларда әмелге асырылыўы мүмкин.

Онда қайсы жағдайларда ерли-зайыплының улыўма мүлки тең бөлинбеўи мүмкин?

Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети оқытыўшысы Жавоҳир Эшонқулов төмендегише түсиник берди:

-Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине бола, ерли-зайыплының неке дәўиринде арттырылған улыўма мүлки олардың өз-ара келисимине бола ямаса тартыслы жағдайларда суд арқалы бөлинеди.

Суд мүлкти бөлистириўде төмендегилерге итибар береди. Соның ишинде, ерли-зайыплының ҳәр бирине мүлктиң қайсы бөлеги берилиўи керек екенлиги, егер биреўге көбирек баҳадағы мүлк ажыратылса, басқасына компенсация белгиленеди.

Жас өспирим балалардың мүтәжлиги ушын алынған буйымлар бөлинбейди, балалар менен қалған ата-анаға компенсациясыз бериледи, некеден кейин арттырылған, бирақ бөлек жасап, улыўма қаржысыз алынған мүлклер жеке деп табылыўы мүмкин.

Егер ерли-зайыплылардан бириниң қаржысы ямаса мийнети есабынан екиншисиниң мүлки сезилерли дәрежеде көбейген болса, ол да улыўма мүлк сыпатында бөлинеди.

Суд зәрүр жағдайларда, даўагердиң пайдасына тең үлестен болыўы мүмкин.

Гулноза Бобоева, ӨзА