Депутат өнерментлер менен ушырасты

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутатларының орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўлары даўам етпекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Шаҳноза Жолдасова Шымбай районындағы Бердақ МПЖда жасайтуғын өнермент Миваш Төреназарованың шаңарағында болып, оның жумыслары менен танысты. Өнермент он жылдан аслам ўақыт даўамында өз үйинде қарақалпақ халқының миллий қара үй безеўлерин таярлаў менен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги күнде өнермент өзиниң жумысын кеңейтип, “Устаз-шәкирт” дәстүрин даўам еттирген ҳалда, өз өнерин район жасларына үйретип, олардың бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.
Сондай-ақ, депутат райондағы «Темир жол гүзары” мәҳәллесинде жасайтуғын үйши уста Саламат Қобланбаевтың устаханасында болып, оның менен қарақалпақ халқының миллий қара үйин қурыў процеси, онда пайдаланылатуғын экологиялық жақтан таза өнимлер, әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған үйшилик өнери ҳәм бул бийбаҳа көркем өнердиң бүгинги күнге шекем жетип барыўы ҳаққында сәўбетлести.



Ушырасыўларда депутат тәрепинен нызамшылық тараўында жүз берип атырған өзгерислер, жаңалықлар ҳәм қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Олардың мүрәжаты ҳәм пикир-усыныслары тыңланып, пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги