АҚШ баспасөзинде Өзбекстан глобал майданның исенимли платформасы сыпатында атап өтилди

Бурын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы делегацияныӊ қатнасыўында АҚШ Конгрессинде “Өзбекстан күни” илажы табыслы шөлкемлестирилген еди.
Илажда АҚШ Конгресси депутатлары, Мәмлекетлик департамент ҳәм Қорғаныў министрлигиниң ўәкиллери, сиясаттаныўшылар, бизнес ҳәм бирге ислесиў тараўы бойынша экспертлер қатнасты. Бул илаж экономикалық, мәдений ҳәм қәўипсизлик тараўларында Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы байланысларды беккемлеўге қаратылды.
Бул илаж АҚШ баспасөзинде кеңнен сәўлелендирилди. Атап айтқанда, “Diplomatic Watch” ҳәм “The Times of Central Asia” сыяқлы абырайлы халықаралық басылымларда “Өзбекстан күни” ҳаққында толық репортаж жәрияланған.
Баспасөзде илаждың әҳмийети, еки мәмлекет арасындағы байланыслардың жаңа басқышы, бирге ислесиў потенциалы ҳәм АҚШ сиясий топарларының Өзбекстанға болған исеними барған сайын беккемленип атырғаны айрықша атап өтилген.
“Өзбекстан күни” илажы Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп тәреплемели байланысларды беккемлеп, дипломатиялық, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўларда шерикликти және де тереңлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилген.
Бүгинги күнде Өзбекстан тек ғана Орайлық Азияның емес, ал глобал майданның исенимли платформасы ҳәм шериги сыпатында атап өтилген.
Н.Абдураимова, ӨзА