Елимизде автотранспорт қуралларын темир жол платформаларында тасыў жолға қойылады

Өзбекстанда биринши мәрте контрейлер, соның ишинде, автотранспорт қуралларын темир жол платформаларында тасыў бойынша әмелият сынағы табыслы өткерилди. Бул жойбар Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң илимпазлары тәрепинен әмелге асырылды.
Мағлыўматларға бола, жойбар экологиялық таза, нәтийжели ҳәм интеллектуаллық жүк тасыў системасына жол ашпақта.

Сынақ шеңберинде Ташкент қаласы ишиндеги жүк ағымы талланды ҳәм бул қала ишинде, регионаллық дәрежеде жаңа мултимодал логистика шешимлерин енгизиў имканиятын жаратпақта. Тасыў процесинде жаңаша беккемлеў қурылмасы қолланылды. Ол автотранспортты темир жол платформасына тез ҳәм қәўипсиз жайластырыў ҳәм тасыўда исенимлиликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жойбар Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен қаржыландырылған болып, миллий транспорт системасында экологиялық таза ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў стратегиясының бир бөлеги есапланады.
Бул система автомобиль жолларында тығылысты азайтыў, атмосфераға шығарылатуғын СО₂ муғдарын қысқартыў, жанылғы ҳәм эксплуатация қәрежетлерин үнемлеў ҳәм логистика нәтийжелилигин арттырыў сыяқлы процесслерди жеңиллестиреди.
Сондай-ақ, бул тәжирийбе елимизде “жасыл” транспорт концепциясын турмысқа енгизиў, интеллектуаллық ҳәм турақлы жүк тасыў инфраструктурасын раўажландырыўға қойылған әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта.
ӨзА