Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасы жетилистириледи

Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде “Атыз шетлеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам дәслепки тәризде додаланды.
Мәжилисте аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының атыз шетлериндеги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди жолға қойыў арқалы халықты азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў илажларының әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, сыртқы базарларға талап жоқары болған аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў арқалы экспорт көлемин кеңейтиў, әсиресе, жерлерден үнемли пайдаланыў имканиятын арттырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәм Салық кодексине аўыл хожалығы өнимин жетистириўшилерге аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының атыз шетлериндеги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапында нызамшылыққа муўапық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў белгиленген майданларда ҳәм мүддетлерде оптимал егин екпеў ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў және жер участкасының оптимал егин егилмеген бөлеги ушын жер салығын арттырылған муғдарда есаплаўға қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеўге ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлерин жақсылаўға хызмет етеди.

Нызамды экспертлер ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында және бир мәрте таллаў, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың пикир-усынысларын алыў ҳәм улыўмаластырыўға келисип алды.
Буннан тысқары, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын оқыў-семинары да өткерилди. Онда турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың тийкарғы бағдарлары бойынша режелерди белгилеў, ўәкилликлери шеңберинде әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тәжирийбе алмасылды.
ӨзА