Товарлардың кодын өзгертип бажыхана төлемлеринен қаша алмады

200

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими ҳәм Бажыхана аудити секторының хызметкерлери тәрепинен автоматластырылған мәлимлеме системаларында рәсмийлестирилген бажыхана жүк декларациялары қадағалаў тәртибинде қайта үйренилип, аймақта жумыс алып барып атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң биреўиниң атына Қазақстан Республикасынан алып келинген “жүк тасыўшы самосвал” товарының ҳүжжетлери тексерилди.

Нәтийжеде, бул жүк автотранспорт қуралын классификациялаўшы сыртқы экономикалық жумыс товарлар номенклатурасы (СЭЖ ТН) бойынша товар коды гүман оятып, басқарманың СЭЖ ТН тарифлик емес тәртипке салыў структурасы тәрепинен экспертизадан өткерилди.

Гүман етилгениндей, көрип шығылып атырған транспорт қуралы үлкен көлемдеги жүклерди тасыўға мөлшерленген автотранспорт қуралы болып, оның СЭЖ ТН бойынша классификация кодлары ҳүжжетлерде көрсетилгенинен өзгеше екенлиги тастыйықланды. Нәтийжеде, бул ЖШЖға 1 млрд. 493 млн. сум муғдарында қосымша бажыхана төлемлери есапланып, мәмлекетлик бюджетке өндирилиўи тәмийинленди.

Қарақалпақстанлы бажыханашылар тәрепинен товар кодларына байланыслы анықланған гезектеги жағдайда болса, алып келинген 2 дана «Пикап» маркалы автотранспорт қуралы ҳүжжетлерде басқа товар коды арқалы классификацияланғаны ашып берилди.

Нәтийжеде бул автотранспорт қуралларына 489 миллион сум муғдарында қосымша бажыхана төлемлери есапланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги