Қәўипли кеселликтен сақланайық!

145

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы ҳәм оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен бирге ислесиўши мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте ҳәзирги ўақытта республикамызда қой ешкилердиң жүнин қырқыў пайытында қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, Қрым – Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги пайда болыўының алдын алыў ҳəм оның профилактикасы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги не?

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) – оғада қəўипли жуқпалы кеселлик болып, тəбийғый шараятта шарўа малларында ушырасатуғын иксод кенелериниң шағыўы нəтийжесинде адамға жуғады.

Кенениң қаны адамның жарақатланған тери ҳəм силекей қабатларына тийгенде, сондай-ақ, кене қол менен езилип өлтирилгенинде, қой ҳəм ешкилердиң жүнин қырқыў пайытында кенелерди кескенде ҳəм геморрагиялық ысытпа кеселлигине шатылған наўқасты күтип – қараў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў пайытында өзин қорғаў илажлары көрилмеўиниң ақыбетинде кеселлик вирусы қан арқалы адамға жуғыўы мүмкин.

Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң жасырын дәўири 2-6 күн даўам етеди. Усы дəўирде кеселликтиң клиникалық белгилери бақланбайды.

Кеселлик өткир басланып, дене ыссылығы көтериледи (39-400С дəрежеге шекем), тоңып қалтырайды, басы, булшық етлери, буўынлары аўырады. Ҳәлсизлик, бет, мойын, көкирек териси қызарыўы бақланады. Наўқастың иштейи төменлеўи, қусыўы, иши өтиўи мүмкин. Денениң укол салған жерлеринде көгериў, қанталаў, əспи тасыў, соңынан мурыннан, тистиң түбинен (десна), асказан-ишеклерден, өкпеден, жатырдан қан кетиўи мүмкин. Кеселликтиң геморрагиялық белгилери менен өтетуғын түри аўыр болады ҳəм айырым наўқасларда ағзалардан қан кетиў нәтийжесинде өлим жағдайлары жүз бериўи мүмкин.

Наўқас қаншама ерте анықланып, емлеўханаға жатқарылса, емлеў соншама жақсы нəтийже береди ҳəм кеселлик тарқалыўының алды алынады.

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигине шатылған наўқасларды емлеўде, усы кеселлик пенен бурын аўырып саўалған пуқаралардың қан плазмасын қолланыў нəтийжели усыл есапланады.

Геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң алдын алыў ушын нелерди билиў зəрүр?

  • базарлардан, жайлаўлардан, қара мал, қой – ешкилерди кенеге қарсы дәрилемей турып үйге алып келмеў;
  • малларда кене анықланғанда дәрҳал ветеринария хызметкерлерине мүрəжат етип, олардың усынысы тийкарында кенелерге қарсы дәрилеў;
  • кенелерди қол, тас, атаўыз, шөккиш пенен езип, қайшы менен қыйып өлтирмеў;
  • қой-ешкилердиң жүнин қырқыў ўақтында қорғаўшы кийимлер менен ислеў;
  • кенелер анықланған жерлерде малларды бақпаў, оған байланыслы жумысларға ҳəмиледар ҳаялларды ҳəм балаларды тартпаў;
  • қырқыў пайытында жеке гигиена қағыйдаларына қатаң əмел етиў;
  • тәбият қушағына (шөл зоналарына) дем алыўға шыққанда кене шағыўынан сақланыў, үйге келгеннен соң денени ҳəм кийимлерди тексерип, кене жоқ екенине исеним пайда етиў зәрүр.

Умытпаң! Егер де сизди яки шаңарақ ағзаларыңызды кене шақса ямаса қолларыңыз кене қаны менен ипласланса, тезлик пенен жақын жердеги емлеў-профилактикалық мәкемесине мүрәжат етиң!

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги