Админстрацияда тайынлаўлар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманлары менен:
Фатхиддин Фазлиддинович Мухиддинов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәжилислер ҳәм аймақларға сапарлар ушын аналитикалық контент таярлаў департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды;
Хусниддин Камалитдинович Хашимов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәжилислер ҳәм аймақларға сапарлар ушын аналитикалық контент таярлаў департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Режелестириў ҳәм мәлимлеме тәмийнаты департаменти Администрация жумысының мәлимлеме тәмийнаты секторының баслығы лаўазымынан босатылды;
Улуғбек Рауф улы Норматов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Сыртқы байланыслар департаменти баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм таллаў секторы жетекши консультанты лаўазымынан босатылды.
Улуғбек Шухратжонович Хусаинов Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги директорының ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Аймақлар менен бирге ислесиў ҳәм аналитикалық материалларды таярлаў департаменти басшысының орынбасары лаўазымынан босатылды;
Ойбек Улуғбекович Умаров Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ислер басқарыўшысының орынбасары лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Финанс-хожалық департаменти хожалық жумысы секторының баслығы лаўазымынан босатылды.