Жиззақтың санаат потенциалы артпақта-далалық жерлерде заманагөй кәрханалар пайда болмақта

Президент Шавкат Мирзиёев 22-июль күни Жиззақ ўәлаятына барып, санаат ҳәм социаллық тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, қайта ислеп шығарыў қуўатлылықлары ҳәм басқа да объектлер менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп “Замин технопарки” арнаўлы санаат зонасын барып көрди.

Елимиздиң барлық аймақларында экономика ушын оғада керекли болған кәрханалар қурылмақта. Бул жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, санаат тармақларының раўажланыўы, нәтийжеде, халқымыздың абаданлығы артыўына хызмет етпекте. Жиззақ ўәлаятында да кейинги жыллары қайта ислеў санаатының көлеми сезилерли дәрежеде артты.
“Замин” технопарки қурылысын өткен жылы 27-июньде мәмлекетимиз басшысы баслап берген еди. 400 гектарда қурылып атырған технопаркте қытайлы инвесторлар менен биргеликте 1 миллиард 200 миллион долларлық 31 жойбар әмелге асырылады.

Өткен дәўирде зәрүр инфраструктура ҳәм имаратлар қурылды. Жақында биринши кәрхана – “Xinjiang Honglin Tiandi” компаниясы тәрепинен баҳасы 10 миллион долларлық бетон өнимлерин таярлаў жойбары иске қосылды. 60 адамның бәнтлиги тәмийинленди.
Ҳәзирги күнлерде 42 миллион долларлық екинши жойбар бойынша жумыслар жуўмақланыў басқышында. Онда “Midea” бренди астында жылына 300 мың дана турмыслық электр техникалары ислеп шығарылады. 150 жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысына усы ҳәм гезектеги жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Биринши басқышта арнаўлы санаат зонасына 9 жойбар жайластырылған. Бүгинги күнде дерлик 300 миллион долларлық және 7 жойбар бойынша қурылыс жумыслары даўам етпекте. Оларда қурылыс материаллары, конструкциялар, электр техникасы ҳәм химия өнимлери ислеп шығарылады, логистика ҳәм тренинг орайы шөлкемлестириледи.
Улыўма, санаат зонасындағы барлық жойбарлардың нәтийжесинде дерлик 5 триллион сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылады, 15 түрдеги жаңа өним өзлестирилип, 70 миллион долларлық экспорт потенциалы жаратылады. Ең әҳмийетлиси, 5 мыңнан аслам пуқара жумыслы болады.
Президент инвесторларға жәрдемлесип, жойбарларды тезлестириў бойынша көрсетпелер берди. Санаат тараўларына сай қәнигелер таярлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы “Замин” технопаркинде режелестирилген жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Жоқарыда атап өтилгениндей, биринши басқышта 9 жойбар бойынша жумыслар басланған. Енди екинши басқыш шеңберинде және 5 жойбар қәлиплестирилген.
Соның ишинде, “Longze Investment Group” компаниясы менен биргеликте қәўипсизлик ҳәм медицина техникалары, “Foxit” компаниясы менен ноутбук, планшет, сервер, роутер сыяқлы заманагөй өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мөлшерленбекте. Сондай-ақ, былғары ҳәм спорт аяқ кийимлери, қурылыс материаллары, шийше ыдыслар, химия өнимлери бойынша жойбарлар нәзерде тутылған.
Олардың улыўма баҳасы 250 миллион доллар әтирапында болып, жоқары қунлы товарлар ислеп шығарылады. Таяр өнимлердиң дерлик 70 проценти сыртқы базарға бағдарланады.
Жиззақ ўәлаятында сырт ел инвестицияларының муғдары жылдан-жылға өсип бармақта. 2018-жылы ўәлаятта тек ғана 18 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилген болса, өткен жылы бул сан 1 миллиард доллардан артқан. Кейинги сегиз жылда ўәлаятқа 3,7 миллиард доллар инвестиция киргизилген, 4 мыңнан аслам санаат кәрханалары иске қосылған. Сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 260 тан артқан.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Замин районында қурылып атырған турмыслық техника заводын көзден өткерди.

Бул бағдар бойынша елимизде үлкен потенциал бар. Мәмлекетимиз басшысы бул пәтти даўам еттирип, миллий брендлер астында жаңа өнимлер ислеп шығарыў, Өзбекстанды регионаллық “электротехника хабы”на айландырыў ўазыйпасын қойған. Заминдеги завод буның бир бөлеги болады.
“Наўайы” арнаўлы санаат паркиниң филиалы сыпатында шөлкемлестирилген комплекс 80 гектар майданда жайласқан. Жойбардың улыўма баҳасы 150 миллион доллар. Бул жерде кир жуўыў машинасы, суўытқыш, телевизор, электр суў ысытқыш сыяқлы 1 миллион дана турмыслық техника ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылады. 100 түрдеги өнимлердиң нәтийжесинде локализациялаў дәрежеси 70 процентке жетеди.
Әҳмийетлиси, жыллық өндирис көлеми 320 миллион долларды қурайды. Соннан 140 миллион долларлық өним экспортқа бағдарланады. 7 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Санаат паркинде таярланған өнимлер Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы 15 тен аслам мәмлекетке экспорт етиледи.

Ҳәзирги өзгериўшең базар талапларына тез бейимлесиў ушын заводтың өзинде қәлипхана да шөлкемлестириледи. Заманагөй логистика орайы арқалы өнимлер қарыйдарға избе-из жеткерип бериледи.
Буннан тысқары, санаат паркинде “Автосанаат” АЖ қурамындағы кәрханалар ушын пластмасса өнимлерин таярлаў да режелестирилген.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында имканиятларды толық иске қосыў илажлары көрилмекте. Өткен жылы 31-декабрьде Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў бойынша Президент қарары қабыл етилип, зәрүр мәселелер шешип берилген еди. Атап айтқанда, онда 2025-жылы 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, экспортты 285 миллион долларға жеткериў, 168 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў илажлары белгиленген еди.
Бул ўазыйпалар избе-из орынланбақта. Өткен алты айда Жиззақта санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығында 200 жойбар иске қосылды. Ўәлаятқа 662 миллион доллар инвестиция кирип келди.

Нәтийжелиликти және де арттырыў мақсетинде Жиззақ ўәлаяты Замин районында да “Реформалар штабы” дүзилген.
Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи даўамында ўәлаятта әмелге асырылыўы режелестирилген жаңа жойбарлардың презентациясы менен де танысты.
Атап айтқанда, “бир айна” принципи тийкарында аўыл хожалығы хызметлерин бир жерге жәмлеген “Агромарказ” шөлкемлестирилди. Өнимдарлықты арттырыўға қаратылған жаңаша қатнаслар ўәлаятта азық-аўқат өнимлериниң сапасына унамлы тәсир етип, халықтың көбирек дәрамат табыўына имканият жаратпақта.
Жиззақ ўәлаяты картошка жетистириўди раўажландырыўға тийкар етип алынбақта. Бүгинги күнде Замин илимий тәжирийбе станциясында сырт ел ҳәм жергиликли селекцияға тийисли 12 сорт дәслепки туқымгершилиги жолға қойылды.
Әдетте туқымлық картошка жетистириў 6-7 жыл ҳәм 8 басқышты талап етсе, жаңа усынысқа бола, процесс 4 басқышқа қысқартылып, 2 жылда таярланады. Онда картошканың жаңа селекция сортларынан 12 тонна жоқары әўлад супер элита туқымлары халықтың шаңарақларына бийпул тарқатылады. Нәтийжеде 120 тонна элита картошка туқымы жетистириледи. Жойбар шеңберинде Замин ҳәм Бахмал районлары туқымлық картошка жетистириўге қәнигелестириледи.
Сондай-ақ, собықлы егинлер егиў, Зарбдор районындағы каналда насос станциялары ҳәм магистрал қубырлар қурыў режелери белгиленген.
Жиззақтың сулыў тәбияты, таўлы ҳәм шөл аймақлары жылдың төрт мәўсиминде де саяхат етиў имканиятын береди. “Замин” туристлик-рекреациялық зонасы, Замин аэропорты ҳәм жаңа жоллар бул имканиятларды және де кеңейтти. Ири 6 каналдың бойында сейил етиў орынлары шөлкемлестирилди. Енди “Айдар-Арнасай” көллер системасы жағасында да заманагөй туризм орайы қурылады.

– Районларға санаатты алып кирип, адамларды жумыслы етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Бурын далалық болған жерлерде заманагөй кәрханалар пайда болмақта. Адамларымыз өнеринен, қыйтақ жеринен де дәрамат таўып атыр. Бирақ бул бүгинги нәтийже. Жаңа әўлад жетисип киятыр, жасларымыздың билими, талабы артып бармақта. Олардың ислеўи, жақсы жасаўы ушын ҳәзирден тийкар жаратыўымыз керек. Егер имканиятлардан дурыс пайдаланылса, Замин районы жумыссызлықтан аўлақ аймақ бола алады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бизге белгили, Кўкдала районының жаңа орайында көркем өнер сарайы, көркем өнер мектеби, улыўма билим бериў мектеби ҳәм спорт комплекси биргеликте қурылмақта. Мәмлекетимиз басшысы бул балаларға қолайлы болатуғынын атап өтип, келеси жойбарларда усы усылды қолланыў зәрүрлигин айтқан еди. Енди усы тәжирийбе тийкарында Замин районында да мәденият сарайы ҳәм көркем өнер мектебиниң қурылысы режелестирилген. Мәденият сарайы 300 орынға ийе болып, район орайындағы 45 мыңнан аслам халыққа хызмет көрсетеди. Бул жерде “Замин сайқалы” фольклор-этнографиялық жәмәәти, 13 дөгерек жумыс алып барады.
Жуўапкерлерге бул режелердиң орынланыўы, социаллық-экономикалық тараўлардың раўажланыўы бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен Президентимиздиң Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА