Ендигиден былай уйымлар өзлерине тийисли тараўды еркин тәртипке салыў ўәкиллиги шеңберинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл ете алады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған “Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрман менен министрликлер ҳәм уйымлардың қарар қабыл етиўдеги еркинлиги арттырылады. Буның менен байланыслы бюрократиялық процесслер қысқарады, олардың проактив жумыс ислеўи ушын имканиятлар кеңейтиледи.
Ҳүкимет қарарлары, уйымлық ҳүжжетлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлери менен тәртипке салынатуғын мәселелердиң дизими белгиленеди.
Енди уйымлар өзлерине тийисли тараўды еркин тәртипке салыў ўәкиллиги шеңберинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл ете алады.
Уйымлық ҳүжжетлерди Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткериўде қайта ислеў (редакторлаў) имканияты жаратылады. Уйымлық ҳүжжетлерди халықаралық стандартларға бейимлестириў процесинде оларға ҳуқықый нормаларды киргизиўге руқсат бериледи.
ӨзА