6 айда нызамсыз ийеленген қанша жер өз ҳалына келтирилди?
434

Қарақалпақстан Республикасында 2009 жағдайда жәми 136 гектар жер майданы нызамсыз ийеленгени анықланды.
Атап айтқанда, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматына бола, 2025-жылдың басынан өткен алты ай даўамында нызамсыз ийеленген жағдайлардан 1121 жағдай, яғный 52 гектарлық жер майданы өз ҳалына келтирилди.
Сондай-ақ, 675 жағдайда 39,2 гектарлық жер майданы бойынша судларға даўа арзалар киргизилген.
Буннан тысқары, 44 жағдай бойынша тийисли ҳүжжетлер Прокуратура уйымларына усынылған.
Қалған жағдайлар бойынша ўәкилликли уйымлар менен биргеликте ҳуқықый илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.