Елимиздеги реформалар «нәпеси» ҳәр бир мәҳәлледе сезилмекте

Президент Шавкат Мирзиёев 10-июль күни Ташкент қаласындағы қурылыс жумыслары, халықтың турмыс шараяты, санаат кәрханаларының жумысы менен танысты.
Бул ретки бағдар Шайхантоҳур ҳәм Чиланзар районларын қамтып алды. Оларды Бунёдкор көшеси байланыстырып турады. Бул орайлық көшеде көркем өнер ҳәм мәденият дәргайлары, ҳәр қыйлы офислер, көп қабатлы турақ жайлар, супермаркет ҳәм ресторанлар жайласқан. Бул потенциалдан пайдаланып, оның 1,5 километр бөлеги хызмет көрсетиў ҳәм гастротуризм көшесине айландырылды.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге бул жердеги шараятларды көзден өткерди. Жолдың бойлары абаданластырылған. Әжайып ландшафт дизайны, фонтанлар, ҳәр қыйлы шырақлар аймаққа және де көрик бағышлаған. Адамлардың сейил етиўи, аўқатланыўы, мазмунлы дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.
Усы мақсетте бул жердеги 90 исбилерменлик субъекти күни-түни жумыс ислеў тәртибине өткерилди. Соннан 45 кәрхана жаңадан шөлкемлестирилди. 500 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Көшеге тутас аймақтағы Камалон, Жаңа Камолон ҳәм Камолон дәрўаза мәҳәллелеринде 18 мыңға шамалас халық жасайды. Бул өзгерислер, бәринен бурын, усы инсанлардың турмысында сезиледи. Соның менен бирге, ҳәзир бул жерге жылына 255 мың мийман келмекте. Енди олардың санын жылына 1 миллионға жеткериў ушын шараят бар.
Кейинги жыллары елимизде туризм тараўында 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады. Өткен жылы сырт елли туристлердиң келиўи биринши мәрте 10 миллионнан асты. Аймақларда саяхат ҳәм сервис инфраструктурасы жақсы раўажланбақта. Туризм аўыллары, мийман үйлери, гастрономиялық көшелер қоллап-қуўатланбақта.
Пайтахтымыздың Мирабад, Алмазар, Чиланзар, Яккасарай, Янгиҳаёт районларында усындай ҳәрекетли көшелер шөлкемлестирилген. Бунёдкор көшеси усы туризм айланбасының бир бөлеги болады. Улыўма, Ташкент қаласында 26 көшени күни-түни ислейтуғын ҳәрекетли көшеге айландырыў, 24 саат ислейтуғын саўда орынларын мыңға көбейтиў режелестирилген.
Бул жерде заманагөй бәндиргилер ҳәм автомобиль туратуғын орынлардың презентациясы болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Шайхантоҳур районындағы Янги Камолон мәҳәллесинде болды.
Мәмлекетимиздеги реформалардың “нәпеси” ҳәр бир аймаққа кирип бармақта. Халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс мәдениятына қаратылып атырған итибар бул мәҳәлледе де көзге тасланады. Көп қабатлы турақ жайлар, дүканлар, пуқаралар жыйыны имараты заманагөй көриниске ийе. Ишки жоллар тегисленип, әтирапы көклемзарластырылған. Сулыў сейил етиў орны ҳәм пиядалар жолы, нуранийлар дем алатуғын орын, спорт ҳәм балалар майданшалары қурылған.
Жаңа Камолон мәҳәллесинде 4 мың 600 ден аслам халық жасайды. 60 тан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында мәҳәлле жаслары жумыс пенен бәнт. Быйыл өнерментлер дәргайы, атыз өнимлери ҳәм кондитерлик дүканлары, нанбайхана шөлкемлестирилди, жеке меншик медицина пункти ашылды. Нәтийжеде мәҳәлле жумыссызлықтан жырақ аймаққа айланды.
Усы жерде Шайхантоҳур районы “Реформалар штабы”ның жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
– Шайхантоҳурда өнерментшилик әзелден бар. Бүгин де районда адамларды жумыс пенен, дәрамат пенен тәмийинлеўде бул үлкен дәрек. Соның ушын Шайхантоҳур мысалында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жаңа илажлар режесин қабыл етемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятлардың алдын алыў мақсетинде мәҳәлле инспекторының бөлмесинде ситуациялық орай шөлкемлестирилген. Оған көп қабатлы турақ жайлардың коридорларындағы бақлаў камералары ҳәм ишки ислер системасының қәўипсизлик бағдарламалары байланысқан. Быйыл мәҳәлледе бирде-бир жынаят жүз бермеген.
“Янги Камолон” басқарыў сервис компаниясы мәҳәлледеги 21 көп қабатлы жайға хызмет көрсетеди. Усталар ҳәм арнаўлы техникалар бәрқулла таяр жағдайда. Есап-санақларда биллинг системасы жолға қойылған. Быйыл орайлық ыссылық қубырлары изоляцияланды, электр тармақлары ҳәм турақ жайлардың жоллары оңланды. Айырым жайларға жаңа лифтлер орнатылды.
Мәмлекетимиз басшысы келешекте басқарыў сервис компаниясының имаратларын көп қабатлы етип қурып, жаслар ушын кәсип-өнер оқыўлары, турмыслық хызмет шақапшаларын жайластырыў бойынша көрсетпе берди. Бул жердегидей киши китапханаларды басқа мәҳәллелерде де шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәҳәлле имаратында халық пенен қызғын сәўбет болды.
– Кейинги жыллары көп кәрханалар ашылды, экономика өспекте. Соның менен бирге, жасларымыз да жетисип киятыр. Олардың тәлим-тәрбиясы, денсаўлығы, жумыс орынларын ҳәзирден ойлаўымыз керек. Соның ушын быйыл Ташкент қаласына 8 миллиард доллар инвестиция алып келмектемиз. Соның есабынан Шайхантоҳурда да жаңадан-жаңа жумыс орынлары, билимлендириў дәргайлары, инфраструктура имаратлары жаратылады, – деди Президент.
Нураний ата ҳәм аналар елимиздеги өзгерислерден қуўанышлы екенин атап өтип, халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия етти.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев райондағы “Инсан” социаллық хызметлер орайына барды.
Мәмлекетимизде социаллық мәмлекет, социаллық әдиллик принциплери үстин. Усы қәдириятлар тийкарында барлық аймақларда “Инсан” орайлары ашылып, меҳир ҳәм жәрдем системасы халыққа жақынластырылмақта.
Орайда 12 категориядағы мүтәж инсанларға 100 ден аслам социаллық хызметлер көрсетиледи. Оның ушын мәкемеде заманагөй шараятлар жаратылған. Мүрәжатларды қабыл етиў, талапты баҳалаў, хызметти белгилеў ҳәм хызмет көрсетиў процесслери адамларға қолайлы тәризде жолға қойылған.
Ең әҳмийетлиси, енди ўазыйпа бир мәрте жәрдем менен тамамланбайды. Социаллық хызметтен пайдаланыўшының кейинги жағдайы, өзин-өзи дурыслаўы да мониторинг етип барылады. Бул барлық процесслер санластырылған ҳәм тийисли шөлкемлер менен байланысқан.
Шайхантоҳурдағы орайда 25 қәниге ҳәм мәҳәллелерде 51 социаллық хызметкер жумыс алып бармақта. Майыплығы болған балалар ҳәм шахслар, жалғыз кекселер менен мәнзилли түрде жумыс алып барылмақта.
– Бул жер ҳәр бир инсанның дәрти менен жасайтуғын, оларды разы ететуғын дәргай. Бул система арқалы жәмийетимизде социаллық әдиллик, инсан қәдирли болады, – деди Президентимиз.
Бул жерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында “Имканиятлар дүньясы” мәкемеси шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысы ондағы шараятларды да көзден өткерди.
Мәкемеде 3 жасқа шекемги нәрестелер ушын ерте араласыў, майыплығы болған балалар ушын социаллық бейимлесиў ҳәм реабилитация, сондай-ақ, күндизги тәрбиялаў ҳәм қараў хызметлери шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта бул 80 ге шамалас адамның аўырын жеңил етпекте. Оларға 12 маман хызметкер меҳир-итибар көрсетпекте.
Соң Президент Шавкат Мирзиёев Чиланзар районындағы санаат аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.
Бул аймақ Бесқорған ҳәм Тирсакабад мәҳәллелери аймағында жайласқан болып, 320 гектар майданды ийелеген. Киши санаат зонасы статусындағы бул комплекс Президенттиң 2023-жыл 3-июльдеги қарары тийкарында шөлкемлестирилген. Оған муўапық, транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм жол инфраструктурасының жақсыланғаны санаат ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына тийкар жаратты.
Бул жерде халықаралық стандартларға муўапық энергия үнемлеўши, экологиялық қәўипсиз өндирислик қуўатлықлар қурылды. Ҳәзирги күнде бундай кәрханалардың саны 531 ге жетти. Оларда жаратылған жумыс орынларының саны болса 20 мыңға шамаласты. Жыллық өндирислик потенциал да аз емес – 6 триллион 800 миллион сум. Быйылғы жылы аймақтағы 50 кәрханада 180 миллион долларлық өним экспорт етиледи. Бурын Чиланзарда ҳеш қашан бундай көрсеткишлер болмаған.
Мәмлекетимиз басшысы усы аймақтағы “Tarleplast”кәрханасында болып, өндирис процесин көзден өткерди.
Бул жойбардың улыўма баҳасы 25 миллион доллар. Кәрханаға Европаның жетекши компанияларынан 12 түрдеги заманагөй үскенелер алып келинип орнатылған. Нәтийжеде бул жерде жылына 90 мың тонна темир қубыр ҳәм полат профильлер ислеп шығарыў имканияты жаратылды. Бул өнимлерди пулға есаплағанда 900 миллиард сум дегени. Кәрханада 120 ға шамалас адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди.
Әҳмийетлиси, жоқары басымға ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы қубырлар түри, көлеми ҳәм баҳасы бойынша бәсекиге шыдамлы. Буның дәлилин өткен жылы 4 миллион долларлық өним Россия, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилгенде де көриў мүмкин. Енди сатыў географиясын және де кеңейтиў мөлшерленбекте.
Мәмлекетимиз басшысы усы индустриал аймақта ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбесин көзден өткерди. Жақын келешектеги санаат жойбарлары таныстырылды.
Соның ишинде, көп қабатлы өндирислик имарат ҳәм моноорай шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған. Буның нәтийжесинде аймақта және 100 жаңа жойбар әмелге асырылады, қосымша 3 мың жумыс орны жаратылады. Жойбарлар қурылыс, фармацевтика, электротехника, полиграфия, автомобиль қурылысы, тигиў-трикотаж ҳәм кондитерлик сыяқлы бағдарларды қамтып алған.
Президентимиз исбилерменлер менен сәўбетлести. Қосымша қунлы өнимлер таярлаў, жумыс орынларын көбейтиў ҳәм хызметлерди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев райондағы индустриаллық аймақта жайласқан “Eman materials” кәрханасында да болды.
Бүгин дүньядағы экономикалық өзгерислер шараятында, бәринен бурын, ишки имканиятлардан пайдаланыў, ең көп жумыс орнын жарататуғын тараўларды қорғаў зәрүрлиги туўылмақта. Елимизде тоқымашылық, қурылыс материаллары, мебель ислеп шығарыў әне усындай тараўлардың қатарына киреди. Оларда бир миллионға шамалас халық жумыс ислемекте.
Соның ишинде, мебель қурылысына қәнигелескен 7 мың 500 кәрхана жумыс алып бармақта. Өткен жылдың өзинде 920 жаңа кәрхана ашылған. Тараўда 6 триллион 700 миллиард сумлық өним таярланып, 20 миллион долларлық мебель экспорт етилген.
Хорезм ўәлаятының Ханқа районы тәжирийбеси тийкарында басқа жерлерде де мебель ислеп шығарыў орайлары шөлкемлестирилмекте. Тараўдағы исбилерменлердиң сырт елден шийки зат, фурнитура ҳәм аксессуар алып келиўи, экспорт базарларына шығыўы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Чиланзар районындағы индустриаллық аймақта мебель ислеп шығарыўға қәнигелескен онлаған ширкет бар. “Eman materials” кәрханасы интакердиң 10 миллион доллар қаржысы есабынан шөлкемлестирилген. Бул жерде жылына 10 мың тонна фурнитура ҳәм мебель қурылысы буйымлары ислеп шығарылмақта. Олар кооперация тийкарында елимиздеги мыңлаған кәрханаларға жеткерип берилмекте. Енди экспортқа шығарыў да режелестирилген.
Кәрханада 200 адам жумыс пенен тәмийинленген. Әҳмийетлиси, усы жердиң өзинде мебель қурылысы оқыў орайы да шөлкемлестирилген. Буның ушын Италия ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден қәнигелер тартылған.
Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен буйыртпа тийкарында мебель ислеп шығарыў, жойбарлаў, кесиў, үскенелерди оңлаў сыяқлы қосымша хызметлер де көрсетиледи.
Комплексте көргизбе залы да шөлкемлестирилген болып, бул жерде пайтахттағы белгили – бренд өнимлер бир жерге жәмленген. Бул система сатыўшы, хызмет көрсетиўши ҳәм алыўшыға қолайлық жаратпақта.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерип, қәнигелер менен сәўбетлести. Мебель қурылысы тармағында локализациялаў ҳәм қосымша қун жаратыў бойынша еле пайдаланылмаған оғада көп имканият бар екенлиги көрсетип өтилди.
Усы жерде Чиланзар районында шөлкемлестирилген “Реформалар штабы”ның жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жаңа усыныслар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер көрип шығылды.
Атап өтилиўинше, районда усы жылдың басында кәмбағаллық дәрежеси 7 проценттен жоқары болған болса, биринши ярым жыллықтың жуўмақлары бойынша бул сан 2,2 процентке түскен. Мәнзилли реже бойынша, районды жылдың ақырына шекем кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсет етилген. Буның ушын шаңарақлардың имканиятын жүзеге шығарыў, микрожойбарларды әмелге асырыў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, рәсмий емес жумыс орынларын нызамластырыў илажлары көриледи.
Президент халықтың бәнтлигине қаратылған басламаларды бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Инвестицияларды тартып, имканиятларды жойбарға айландырыў, киши кәрханалардың жумысын кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти. Экономика ҳәм инвестиция тараўларының жуўапкерлерине исбилерменлер менен турақлы ушырасып, машқалаларын шешиў, усынысларын жүзеге шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.
Зиёдулла Жәнибеков,
Икром Аввалбаев,
ӨзАның хабаршылары