Медицинада мәлимлеме системалары жетилистирилмекте

Нөкис районында медицина тараўын санластырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда райондағы медицина бирлеспесинде «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары жетилистирилип, «Бирден бир медицина системасы» жаратылды.

Системаның енгизилиўи есабынан, алдын наўқас шыпакер қабыллаўында 40 минут күткен болса, шыпакерге онлайн жазылыў арқалы күтиў ўақты 10 минутқа түсти ҳәм Dmed мобиль платформасы арқалы үйде отырған ҳалда шыпакер қабыллаўына гезекке жазылыўына болады.

Наўқаслардыӊ поликлиникаға келиўи нәтийжесинде топланатуғын медициналық мағлыўматларды электрон түрде сақлаў имканияты жаратылды. Яғный тапсырған анализлериниң жуўмағын наўқас электрон программа арқалы алыў имканиятына ийе.
Система Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, MIS-2 ҳәм Электрон ҳүкимет платформалары менен интеграцияланды. Пуқараның жүзин анықлаў бағдарламалары арқалы дәрҳал хызмет көрсетиў режимине өтилип, қәлеген медицина мәкемелеринде наўқас ҳаққындағы медициналық мағлыўматлар реал ўақыт режиминде алыў имканияты жаратылды.

Елимиздеги медицина тараўында жаратылып атырған бул заманагөй имканиятлар артықша әўерегершиликти азайтыўға тийкар болары анық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги