Пуқаралар менен күнделикли пикирлесиў жолға қойылмақта

362

Төрткүл районы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими И.Худайбергеновтың пуқараларда қабыллаўы болып өтти. Онда тийисли шөлкем ҳәм уйымлардың басшылары да қатнасып, мүрәжатлар бойынша орнында мүнәсибет билдирди.

Итибарлы тәрепи сонда, пуқаралардың машқалаларын жедел ҳәм нәтийжели шешиў мақсетинде бундай қабыллаўлар енди ҳәр күни шөлкемлестирилетуғын болды. Бул болса халықтың талап ҳәм мүтәжликлерин тиккелей жуўапкерлердиң қатнасыўында тыңлаў ҳәм шешиў имканиятын жаратады.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, ҳәр күнлик қабыллаўлар арқалы район халқына мәмлекетлик уйымлар менен сөйлесиў бираз аңсат болады. Мүрәжатлардың өз ўақтында көрип шығылыўы, машқалаларға жедел шешим табылыўы халықтың разылығын арттырыўға хызмет етеди.

Бул баслама арқалы мәмлекет пенен пуқара арасындағы қатнасықлар және де жақынласады, орынлардағы мәселелер болса кешиктирмей шешиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги