Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Усы жыл 8-июль күнинен баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2025-2026-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде бакалавриаттың айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша өткерилип атырған имтиханлардың белгиленген талаплар тийкарында әдил ҳәм ашық-айдын өтиўи депутатлар, жәмийетлик шөлкемлер, сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары, соның менен бирге, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлерден бириктирилген ўәкиллер тәрепинен қадағаланбақта.

Имтиханлардың барысы интернет тармағы арқалы ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерине тиккелей алып көрсетилмекте.

Абитуриентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ушын Өзбекстанның түрли оқыў орынларынан, атап айтқанда, Өзбекстан миллий педагогикалық университети, Жиззақ ҳәм Шыршық мәмлекетлик педагогикалық университетлери, сондай-ақ, Үргенш, Бухара, ҳәм Термиз мәмлекетлик педагогикалық институтларынан тәжирийбели профессор-оқытыўшылар және қәнигелер бириктирилген болып, олар тәрепинен ҳәр бир абитуриенттиң таярлығы әдил түрде баҳаланып, топлаған баллары сол ўақыттың өзинде мәлим етилмекте.

– Бүгин ақлығым институттың дене мәденияты тәлим бағдарына әмелий имтихан тапсырып атыр. Өзим усы институтты питкерип, муғаллим болып иследим. Мине, бүгин институтқа келип, бул жердеги өзгерислерди, жаратылған шараятларды көрип кеўлим толды. Имтихан процесслери қалай өтип атырғанын ашық-айдын тиккелей бақлап отырмыз,– дейди Шымбай районынан келген М.Балтабаева.

Мағлыўмат ушын, быйылғы жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бакалавриаттың дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша 500 ден аслам абитуриентлер кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсырыўы күтилмекте.

Институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 11-июль күнине шекем даўам етеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.