26-мектеп ушын қосымша оқыў корпусы салынбақта

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарларына муўапық, бүгинги күнде республикамызда кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, қала ҳәм районлардағы улыўма билим бериў мектеплеринде де бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар қызғын даўам етпекте.
Нөкис қаласындағы Қумбыз мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 26-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 535 орынға мөлшерленген болып, ҳәзирги күнде онда 858 оқыўшы билим алмақта. 2024-2025-оқыў жылы жуўмағы менен усы мектепте 37 класс болып, улыўма 86 педагог хызметкер оқыўшыларға билим сырларын үйретти.

- Елимиз бойлап әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс, абаданластырыў илажларының бир бөлеги өткен жылы мектебимизде де әмелге асырылып, сол жылы март айында “Басламалы бюджет” таңлаўында 1 миллиард 200 миллион сумлық жойбарымыз бенен жеңимпаз болдық. Усы қаржыларға мектептиң жанынан волейбол, киши футбол, баскетбол ҳәм балалар шынығыў майданшасы қурылды,-дейди мектеп директоры Пердехан Палўанова. – Бул объектлер өткен 2024-2025-оқыў жылы алдынан пайдаланыўға тапсырылды.
Мектептеги қурылыс, абаданластырыў жумыслары буның менен тоқтап қалған жоқ. Аймақ турғынларының талабы менен мектебимиздиң көше тәрепиндеги забор бузылып, көшениң шетинен пиядалар жолы төселди. Енди тараў басшылары, ҳәкимлик пенен ойласып, заборды ишкериректен қайтадан қурыў, әтирапын абаданластырыў бойынша жумысларды баслаўды режелестирип атырмыз.

Жақында, яғный усы жылдың май айында мектебимизде оқыўшылардың белгиленген муғдардан көп екенлиги, класс бөлмелериниң жетиспеўшилиги себепли, оның тийкарғы имаратына қосымша түрде улыўма майданы 15548,2 квадрат метрлик, 3 қабатлы, 330 орынлық жаңа имаратты қурыў бойынша жумыслар басланды. Бул имаратқа буйыртпашы “INFRATUZILMANI RIVOJLANTIRISH INJINIRING KOMPANIYASI” мәмлекетлик кәрханасы болып, қурылыс жумыслары жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана “Amudaryo maxsus qurulish” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта. Объекттиң улыўма сметалық баҳасы 3 миллиард 782 миллион 996 мың сумды қурайды.
Ҳәзирги ўақытта имараттың биринши қабаты толық өрилип, бетон жумыслары алып барылмақта. Бул имарат толық түрде усы жылдың август айында питкерилиўи режелестирилген.

Әлбетте, мектеплерде жаратылып атырған усындай шараятлар муғаллимлер ушын да, оқыўшылар ушын да кең мүмкиншиликлер есигин ашып береди.
Усы жерде 2024-2025-оқыў жылында мектебимиз оқыўшылары муғаллимлериниң берген билимлериниң арқасында бир қатар жетискенликлерге ерискенин атап өтким келеди.
Бул оқыў жылында мектебимиз PISA-2025 халықаралық таңлаўына кирип, оған мектебимизден 15 жастағы оқыўшыларымыз белсене қатнасты. Усы жыл 9-апрель күни 15 жастағы оқыўшылар арасында Ɵзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен өткерилген “Билимдан оқыўшылар” таңлаўының 1- 2-бақышына қатнасып, оқыўшыларымыз жоқары көрсеткишлерге еристи. Оқыўшыларымыз өткерилип атырған ҳәр қыйлы пән олимпиадалары менен таңлаўларда да жеңимпазлар қатарынан орын алмақта.

Әлбетте, Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлар, муғаллимлеримиздиң пидәкерлик мийнетлери жетискенликлеримизди еле де көбейте береди, деп исенемиз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.