«Узынкөл»де 3160 хожалықтың газ тәмийнаты жақсыланады

371

Ҳәзирги ўақытта газ тәмийнаты тараўы қәнигелери барлық дыккат-итибарды гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларына қаратпақта.

Республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы газ тәмийнаты бөлимлери ҳәм филиалдың Қурылыс-монтажлаў басқармасы қәнигелери газ тармақларын реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм жер асты газ тармақларын жер үстине шығарыў жумысларын белгилеп алынған реже тийкарында алып бармақта.

Нөкис районы Узыкөл мәкан пуқаралар жыйынындағы Ақманғыт гүзары көшеси бойында жайласқан 1,2 километрлик узынлықтағы д-273 мм.лик жер асты газ тармақларын жер үстине шығарыў жумысларын алып бармақта.

Сондай-ақ, райондағы газ тармақларын 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша 4,1 километрлик газ тармақларын реконстуркциялаў, 138 газ бөлистириў пунктлерин тексериў, ревизиялаў, 60 километрлик газ тармақларын ҳаўа басымы астында сынаў ҳәм тазалаў, 15,3 километрлик жер асты газ тармақларының жағдайын тексериў ҳәм 30 километрлик газ тармақларын бояў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Бул алып барылып атырған гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларынан соң райондағы 3160 хожалықтың газ тәмийнаты жақсыланыўы нәзерде тутылған.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.