Гүнжи ҳәм мәш жетистириўге мәмлекетлик жәрдем

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 27-майдағы 331-санлы қарары Қарақалпақстан Республикасында гүнжи ҳәм мәш егинлерин жетистириў системасын жетилистириўде әҳмийетли орын тутпақта,-деп хабар бермекте Аўыл хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Атап айтқанда, Хожели районындағы Сарышүңгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Кийик мерген” фермер хожалығы усы қарар тийкарында 60 гектар майданға мәш егип, жеңиллетилген түрде 6 ай мүддет пенен 265 миллион сумлық кредит алды.
Фермер Турсынбай Худайбергеновтың атап өтиўинше, алдын бундай жеңиллетилген шараятлар болмаған. Министрлер Кабинетиниң бул қарары Қарақалпақстанлы фермерлер ушын әҳмийетли қуўанышлы хабар болды. Фермер Президентимизге өзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Бул қарар Қарақалпақстанлы фермерлер ушын жаңа имканиятлар жаратып, гүнжи ҳәм мәш сыяқлы аўыл хожалығы егинлерин жетистириўди хошаметлейди.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-декабрьдеги ПҚ-52-санлы қарарына муўапық, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да өним жетистириўшилерге – мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөп ҳәм дәрилик өсимликлер, мәкке дәни, собықлы, майлы ҳәм салы егинлерин жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-январьдағы ПП-10-санлы пәрманында усы кредитлер Қарақалпақстан Республикасында айрықша түрде гүнжи ҳәм мәш жетистириў ушын қамсызландырыў тәмийнаты менен гиреўсиз ажыратылыўы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 27-майдағы 331-санлы қарарына муўапық гүнжи ҳәм мәш егинлерин жетистириўде “Агроплатформа” мәлимлеме системасы арқалы жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда топырақтың бир бонитет баллына салыстырғанда нормативлик өнимдарлық гектарына 0,27 центнерди қурап, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен жәрияланатуғын гүнжи ҳәм мәш егининиң усыныс етилген сатыў баҳалары жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўда зүрәәт баҳасы сыпатында қабыл етиледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.