Мийнет етсең еринбей, қарының тояр тиленбей

469

Темир жол гүзары мәкан пуқаралар жыйыны Шымбай қаласының арқа шығыс тәрепинде жайласқан елат болып, аймақ халқы тийкарынан өнерментшилик ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланады. 11,3 гектар үй алды қыйтақ жер майданларына ийе бул жыйын аймағында бағшылық, темиршилик, гүләлшылық ҳәм ағаш усташылығы менен шуғылланыўшылардың саны жылдан-жылға көбейип бармақта.

Солардың бири Рейим Ережепов.11 сотых қыйтақ жерине мийўе ҳәм жүзим нәллериниң ҳәр қыйлы түрлерин еккен ол, өзиниң өрнекли иси менен көпшиликке үлги болып жүр.

-Бурын көп жыллар даўамында мектепте физика пәни муғаллими болып жумыс иследим,-дейди ол. Физика илими де тәбиятқа байланыслы илим болғаны ушын мен тәбийғый қубылысларды көбирек бақлап, өсимликлердиң өсиўи ҳәм оның раўажланыўына итибар қаратып, бул бойынша өзимше тәжирийбелер жүргиземен. Мен бул жерге 2017-жылы жаңадан жай салып көшип келдим. Бул жер бурынлары егисликтен шығып қалған, партаў жер еди. Адам қолы гүл дегениндей, муғаллимшиликтен пенсияға шыққаннан соң, үй алды қыйтақ жерлеримди егисликке айландырып, оған алма, алмурт, жүзим, қәрели, ерик, шабдал ҳәм жүзим нәллерин егип, терек араларында овощ-палыз өнимлерин жетистирип келмектемен. Ҳәзирше қыйтақ жерден мол дәрамат таппасақта, ул-қызларым, ақлықларым ҳәм ағайин-туўғанларыма тәбийғый таза мийўе-жемислер жегизип атырман. Қоңсы-қоңсыдан тәлим алады дегениндей, қоңсыларым да мениң менен тәжирийбе алмасып, өзлериниң қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып келмекте.

-Бурын бул аймақта «Шунақ аўылы» деген аўыл болған,-дейди усы көше турғыны Турғанбай Ережепов.-Бурынғы аўқам тарқағаннан соң бул жерлер егисликтен шығып, район турғынларының турақ жай салыўы ушын планға берилип кетти. Бизлерде усы жерден план алып, тазадан жай қурып алдық. 2001-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын оқып тамамлағаннан соң, 2016-жылға шекем мектеп ҳәм колледжлерде муғаллим болып жумыс иследим. Соңынан темиршилик ҳәм ағаш усташылығы менен шуғылланып кеттим. Әзелден дийқаншылық ата кәсип болғаннан соң, үй алдына ҳәр қыйлы мийўе нәллерин егип, оннан мол жемис алып келмектемиз. Соның менен бирге, заман талабынан келип шығып, үй алдына жасалма ҳәўиз қаздым ҳәм онда балық өршитип атырман. Темиршиликке де уқыбымыз болғанлықтан, қолымыз босаса, ресторан ҳәм кафелер ушын темир ҳәм рутеннен ҳәр қыйлы стол ҳәм стулщиклер соғып, халыққа хызмет көрсетип атырмыз. Ҳәзир бизиң ислеп шығарған өнимлеримизге районымыздан тысқары, Бозатаў ҳәм Қараөзек районларынан да талап күшли.

-Жыйын аймағында өнерментшилик жедел раўажланып, жаслар  арасында миллий өнерлеримизди  кеңнен үгит-нәсиятлап, оларды келешек әўладларымызға да үйретип барыўға да итибар қаратып атырмыз,-дейди Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Рустем Қазақбаев.-Азамат Турекеев қара үй соғыў бойынша жасларға тәлим берип киятырған болса, Қошқарбай Дәўлетов тандыр соғыў сырларын үйретип келмекте.

-1986-жылы устазым Сәрсенбай аға Юсуповқа шәкирт түсип, 1992-жылға шекем гүләлшылықтың әлўан түрли сырларын үйрендим,-дейди атақлы уста Қошқарбай Дәўлетов.-Мине соннан берли, халыққа хызмет көрсетип киятырман. Ҳәр жылы мәўсимде орташа 250-300 тандыр соғып, шаңарағымызды өзимиздиң ҳадал маңлай теримиз бенен бағып атырмыз. Ылай жумысының өзине жараса машақаты болғанлығы себепли, ҳәзирги жаслар бул ислерге онша қол ура бермейди. Бирақ, аймағымызда бул өнерге қызығыўшылар да баршылық. Ҳәзирги күнге шекем 30 дан аслам жигитлер маған шәкирт түсип, тандыр соғыўды үйренип кетти. Әйне күнлери болса,  үйде 3 жасты тәрбиялап, оларға тандыр соғыў сырларын үйретип атырман.

Шынында да мийнет-түби рәҳәт дегениндей, жыйын турғынлары заман талабынан келип шығып, халыққа сапалы хызмет көрсетип келмекте. Бунда оларға өз перзентлери менен бирге, өмирлик жолдаслары да қолқанат болып, халықтың абадан турмыста жасаўы ушын бийминнет хызмет етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.