Ишки базарға сапалы қапылар жеткерилип берилмекте

506

Мәмлекетимизде киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў бойынша алып барылып атырған илажлар, исбилерменлерге жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Президентимиз тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң жетискен табысларын көрип көзимиз қуўанады. Ең тийкарғысы олар халқымызға хызмет етип, алғысын алмақта.

Тақыятас районында жумыс алып барып атырған қапы ислеп шығарыў комплексинде  төрт исбилермен жумыс алып бармақта. Солардың бири «Хожа нағыслары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети халқымызға ишки қапы ҳәм сыртқы темир қапылар менен темир дәрўазаларды ислеп шығармақта.

-Банктен жеңиллетилген кредит алып жумыс баслағанымызға алты жыл болды. Он адам жумыс пенен тәмийинленген. Тийкарынан буйыртпа бойынша қапы ислеп шығарамыз. Сондай-ақ, базардағы саўда орынларына да өнимлеримизди шығарамыз. Ҳәр қыйлы усылдағы қапыларды ислеп шығарып атырған болсақ, соңғы  модадағы хайтек формасындағы қапыларға халықтың қызығыўшылығы күшли болмақта. Елимизде исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлардан кеўлимиз тоқ. Бул жеңилликлер бизлерге жумысларымыздың және де раўажланыўына имканиятлар жартапақта,-дейди кәрхананың ис жүргизиўшиси  Рашид Жумамбетов.

Өндирис қызғынлық пенен алып барылып атырған бул жерде ҳеш бир бос жүрген жумысшыны ушыратпайсаң. Олардың ҳәр бири жумыс пенен бәнт болып, қапылардың  тезирек питип, қарыйдардың қолына сапалы болып жетип барыўына ҳәрекет етпекте.

-Кәрханамызда он бес адам жумыс пенен тәмийинленген. Өнимлеримизди тийкарынан ишки базарға сатып атырмыз. Ең арзан қапыларымыз 400 мың болса, қымбатлаўы 600 мың муғдарында. Өнимлеримизди базарға шығарыў менен бирге қарыйдарлардың буйыртпасы бойынша жумыс ислеп атырмыз. Дәраматымыз жаман емес. Айлықларымызды да ўақтында алып атырмыз,-дейди «Рамазан-Гүлназ»  ЖШЖ жумысшысы Бекболат Нурымбетов.

Бул жерде жумыс алып барып атырған жумысшылардың ҳәр бири менен сәўбетлессең олардың өз кәсибине деген сүйиспеншилигиниң гүўасы боласаң. Демек, бул жердеги исбилермен менен жумысшылардың бир мақсетте жумыс алып барыўы арқалы жақсы нәтийжелерге ерисиўи халыққа хызмет ҳәм шаңарағына мол дәрамат болып қайтпақта.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги