Тараўдағы жумысларды раўажландырыў бойынша усыныслар билдирилди

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлердиң қатнасыўында “Халықаралық тән алынатуғын сертификатлардың зәрүрлиги ҳәм абзаллықлары” атамасында илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан стандартлар институты директорының орынбасары А.Самижанов, бас қәнигеси М.Қилишов ҳәм Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының жетекши инспекторы Б.Давкараев өз баянатлары менен қатнасып, тараўдағы өндирислик ҳәм экспорт жумысларын раўажландырыў бойынша әмелий ҳәм илимий усынысларын берип өтти.

Илажда өнимлерди жәҳән базарына алып шығыўда халықаралық стандартларға муўапық сертификатластырыўдың әҳмийети, исбилерменлик субъектлери ушын имканиятлары ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыўда тутқан орны ҳәр тәреплеме талқыланды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.