Бажыхана жаңа өзгерислерди мәлим етти

278

Бүгин, яғный 2025-жыл 2-июль сәнесинен баслап бажыхана шегараларын кесип өтип атырған пуқаралар тәрепинен жолаўшы бажыхана декларациясы жаңаланған форматтағы бланкаларға толтырылады,-деп бажыхана басқармасының баспасөз хызмети хабар бермекте.

Атап айтқанда, “Жолаўшы бажыхана декларациясын толтырыў ҳәм рәсмийлестириў ҳаққында”ғы қолланба (инструкция)ға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Жаңа түрдеги жолаўшы бажыхана декларациясы алдынғы формалардан профилактикалық ҳәм информациялық әҳмийетке ийе екенлиги менен ажыралып турады.

Онда мәмлекетимиз аймағына товарларды бажысыз алып кириў ҳәм оннан бажысыз алып шығыў нормалары, миллий ҳәм сырт ел валютасын резидент ҳәм резидент емеслер тәрепинен алып өтиў тәртиби, қадаған етилген товарлар дизими де келтирилген.

Енди, жолаўшылардың бажыхана қадағалаўынан әмелдеги нызамшылық талаплары тийкарында өтиўи талап етиледи.

Басқарма нызамшылықты билмеў жуўапкершиликтен азат етпейтуғынын ҳәм алып кириў нормалары шеңберинен асқан товарларды декларацияламаў жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин екенлигин ескертеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.