Зергерлик буйымларын нызамсыз алып өте алмады

256

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими ҳәм “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен зергерлик буйымларын бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз түрде жасырын алып өтиўге урыныў жағдайлары анықланды.

Усы шегара бажыхана постына 652-санлы “Бейнеў-Нөкис” жөнелисиндеги жолаўшы поездының 9-вагонында Қазақстан Республикасынан кирип келген Өзбекстан Республикасы пуқарасының қол сумкасы гүўалардың қатнасыўында тексериўден өткерилди.

Нәтийжеде, бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған, жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген, жасырын түрде алып өтиўге урынған 6 түрдеги 17 дана, жәми салмағы 79,50 грамм болған баҳалы металл-алтыннан, реңли металлдан исленген зергерлик буйымларын ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз Қазақстаннан Өзбекстанға алып кирип атырғаны анықланды.

Еслетип өтемиз, темир жол арқалы ҳәрекетленгенде пуқаралар эквиваленти 500 АҚШ доллары баҳасындағы товарларды мәмлекетимиз аймағына бажысыз алып кириўи мүмкин. Баҳасы оннан артқан товарларға бажыхана төлемлериниң өндирилиўи нәзерде тутылған.

Жоқарыда анықланған жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги