Халықтың турмысын жақсылаў бойынша жумыслар көрип шығылды

256

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. 

Дәслеп, Тоғай хожалығы питомнигинде әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди.  Буннан соң Бескөпир АПЖ аймағында жасларға ажыратылған жер майданлары, сондай-ақ, «Агробанк» АЖ тәрепинен шөлкемлестирилген «Бир контур – бир өним» өлшеми тийкарында шөлкемлестирилген жумыслар барып көрилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Арзымбетқум АПЖдағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып атырған С.Өтепбергеновтың ҳәм үй шараятында хызмет көрсетиўди жолға қойған М.Сарсенбаеваның шаңарағында болып, азғана жерди мол дәрамат дерегине айландырыў бойынша шөлкемлестирилген жумыслар менен танысты. Бундай жумысларды аўыл халқы арасында еле де кеңнен ен жайдырыў керек екенлиги атап өтилди.

Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Мәденият МПЖдағы көше бийлери менен ушырасты. Олардың тилек-өтинишлерин тыңлады. Машқалаларды белгилеп алып, тез арада шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Район аймағындағы «Мебель Голд Жасмина» ЖШЖ тәрепинен мебель ислеп шығарыў жойбары ҳәм «АБДИМУРАТОВ ТАЗАБАЙ» ЖШЖның кондитер өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары да көзден өткерилди. Буннан тысқары, «ЛАН-С» кәрханасы жумыслары да үйренилди. Исбилерменлерди бәрқулла қоллап-қуўатлаў, олардың өз жумысын еле де раўажландырыўы ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайындағы аралықтан хызмет көрсетиўши BPO орайы менен де жақыннан танысып, санластырыў ҳәм мәлимлеме технологияларының турмысымызда әҳмийети артып баратырғанлығы айрықша тилге алынды.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.

Онда районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў және инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқа да жумыслардың орынланыўы қөрип шығылды.

Мәжилисте мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, автомобиль жолларының бойларын тәртипке келтириў ҳәм абаданластырыў, жасыл энергия қурылмаларын орнатыў, мәҳәллелерди абаданластырыў, арнаўлы қарарлар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көзқараста талқыланды.

Атап айтқанда, ишки жолларды оңлаў, аўыр мәҳәллелерди абаданластырыў, қурылыс тараўы, кәмбағаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен ислесиў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, жаслар ҳәм жумыссыз пуқаралар ушын ажыратылған жер майданларында егис жумысларын шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар мәселелерде кемшиликлерге жол қойылмақта. Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар, жол қойылған кемшиликлер көрсетип берилди.

Өткерилген мәжилис даўамында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған басшыларға интизамий жаза шарасын қолланыў ҳәм зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.