Мәмлекетимиз басшысына сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қарар жойбары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул тараўлар халқымыз мәдениятының, жаслар тәрбиясының ажыралмас бөлеги. Бирақ алдын, он жыллар даўамында художниклер итибардан шетте қалған еди. Сонлықтан Президентимиз Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде бул мәселеге тоқтап, жуўапкерлерге көрсетпе берген еди.

Жойбарға бола, 2026-2027-жылларда инвестиция бағдарламасы шеңберинде Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залы ҳәм фонды имаратын реконструкциялаў, Ташкент фотосүўретлер үйинде Мультимедиа орайын шөлкемлестириў режелестирилген.

Ең әҳмийетлиси, көркем өнерди сүйиўши жаслар ушын имканиятлар кеңейтиледи. Соның ишинде, Көркем фонд аймағында заманагөй галерея және 40 дөретиўшилик устаханадан ибарат Жас художниклер орайы қурылады, Шығыс миниатюра көркем өнери музейинде оқыў-өндирислик устаханасы шөлкемлестириледи. Бенков атындағы сүўретлеў мектеби оңланып, 400 орынлық қосымша оқыў имараты, 200 орынлық жатақхана қурылады.

«Устаз-шәкирт» принципи тийкарында жас қәлемкешлерди тәрбиялап киятырған тәжирийбели художниклер қосымша хошаметленип барылады. Ҳәр жылы таңлаў тийкарында ең талантлы дөретиўшилер сырт мәмлекетлерге тәжирийбе алмасыўға жибериледи.

Камолиддин Беҳзод атындағы Миллий сүўретлеў ҳәм дизайн институтында билимлендириўдиң сапасын арттырыў илажлары көриледи. Бул жерде алдынғы сырт ел оқыў режелери ҳәм бағдарламалары басқышпа-басқыш енгизиледи. Профессор-оқытыўшылардың мүнәсип көркем шығармалары илимий монографияға теңлестириледи. Сондай-ақ, бул институтты питкерген қәнигелерге мектеплерде сүўретлеў көркем өнери пәнинен сабақ бериўге рухсат бериледи.

«Жаңа Өзбекстан көринислери», «Тарийхый уламалар» ҳәм «Заман қаҳарманлары» дүркининен дөретиўшилик шығармаларды мәмлекетлик буйыртпа тийкарында жаратыў системасы жолға қойылады.

Президентимиз аймақларда да художниклер ушын шараятларды жақсылаў, жасларды сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнерге тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА